Нөкисте Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен аймақлардағы партия кеңеслери жуўапкер хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыўға қаратылған «Сиясий партия – пуқаралық жәмийети институты» атамасында оқыў-семинары өткерилди.

Онда сиясий партияның белгилери, функциялары ҳәм структурасы, басланғыш партия шөлкемлери, сайлаў процесиндеги партиялардың әҳмийетин арттырыў ҳәм «Жаслар қанаты»ның жумысын жетилистириў бойынша дүнья жүзилик сиясий шөлкемлердиң тәжирийбелерин өз ишине алған презентация жыйналғанлардың итибарына усынылды.

Семинар даўамында усындай илажларды өткериў жергиликли партия кеңеслериниң жуўапкер хызметкерлери ушын сайлаў алдынан сиясий саўатлылығын және де арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Оқыў-семинарында  тийкарғы итибар партияның төменги буўыны болған басланғыш партия шөлкемлериниң жумысына қаратылды ҳәм олардың белсендилигин арттырыў ушын әмелге асырылыўы тийис илажлар ҳаққында пикир-усыныслар тыңланды.

Илажда усы партияның қалалық ҳәм районлық кеңеслери баслықлары менен қәнигелерине аймақлардағы басланғыш партия шөлкемлериниң жуўапкер хызметкерлерине усындай оқыў-семинарын өткериў бойынша тапсырма берилди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.