Усы жыл май айы даўамында республикамыздағы 411 пуқаралар жыйынларының барлығына баслық (ақсақал)лар сайланған еди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2019-жыл 15-февраль күнги қарарына муўапық, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң жәмийетлик-сиясий, экономикалық, ҳуқықый, руўхый-ағартыўшылық билимлерин және де беккемлеў, басқарыўшылық шеберлигин арттырыў, жаңадан сайланған пуқаралар жыйынлары баслық (ақсақал)ларының тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 88 саатлық оқыў курслары  шөлкемлестирилмекте. Оқыў курслары усы жыл 3-июньнен баслап аймақларға бөлинген ҳалда басланып кетти.

  • Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық оқыў-семинарлар 10-июньнен баслап 6 июльге шекем өткериледи,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң билимин жетилистириў бойынша Оқыў курсының оқыў методикалық ҳәм шөлкемлестириў мәселелери бойынша бөлиминиң баслығы А.Кеўнимжаев. – Оқыў курсының республикамыздағы аймақлық басқышларында сабақ өтиўи белгиленген профессор-оқытыўшылар ҳәм әмелиятшы қәнигелер Ташкент қаласында билимлерин арттырып қайтты.

Республикамыздағы пуқаралар жыйынлары баслықлары ушын өткерилетуғын оқыў-семинарлары кесте бойынша төрт аймаққа бөлинип өткерилиўи режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта биринши (Нөкис) ҳәм екинши (Шымбай) аймақларда, сол аймақларға жақын районлардағы, жәми  227 пуқаралар жыйынларының баслықлары оқытылмақта.

Оларды оқытыўға Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң әмелиятшы қәнигелери қамтып алынған.

Олар тараўдағы жаңа нызамлылықлар туўралы кең түрде түсиниклер берип, жәмийетшилик пенен қатнас, экология, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, халықтың аўызбиршилигин тәмийинлеў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша сабақлар өтпекте. Сабақлар барысында тараўдағы жумысларды жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тәжирийбе алмасыўлар болмақта.

Оқыў-семинарлары нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.