Усы жыл 12-июнь күни Нөкис қаласындағы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасының басламасы менен пуқараларды көшпели қабыллаў болды.
Илажда Нөкис қаласы Халық қабыллаўханасының баслығы А.Сейтанов, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары П.Қудияров, Нөкис қаласы прокурорының орынбасары Н.Сапарниязов, Нөкис қаласы Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы Х.Очилов қатнасып, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.
Көшпели қабыллаў барысында 53 пуқара 15 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 9 мәселе сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Яғный, еки пуқараға материаллық жәрдем тайынланатуғын болған болса, еки пуқараның электр тәмийнаты, бир пуқараның жеңилликли кредит ажыратыў, төрт пуқараның басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлары тийисли тараў басшылары тәрепинен шешип берилди. Қосымша үйрениў талап етилетуғын 6 мүрәжаттың көрип шығылыўы Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги