Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жанында жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм кәсип өнер колледжи менен академиялық лицейлердиң оқыўшылары арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўшы кеўилли (волонтёр) жаслар топары дүзилди.

Бул топарға “Ана ҳәм бала саламатлығы”, “Жаслар экотурмысты таңлайды”, “Жаслар арасында туберкулёз, кемқанлық ҳәм зоб кеселликлериниң алдын алыў”, “Ишиўшилик, шегиўшилик ҳәм нәшебентлик сыяқлы зыянлы иллетлердиң алдын алыў”, “Таза қоллар”, “АИВ, АИЖС ҳәм басқа да жынысый жоллар менен жуғатуғын кеселликлердиң алдын алыў” бағдарлары бойынша саламатлық ҳәм экология пасбанлары бүгинги күнде 80 нен аслам жасты өз әтирапына жыйнап, семинар-тренинглер, акциялар өткерип келмекте. Олардың мақсети – жасларды Ана Ўатанға мухаббат, пидайылық сезимлери руўҳында тәрбиялаў, экологиялық тазалыққа ҳәм саламат турмыс тәризине әмел етиў арқалы қоршаған орталықты қорғаў, менталитетимизге жат болған ҳәр қыйлы иллетлерге қарсы гүресиў болып табылады.

Усындай семинар-тренинглердиң бири жақында Нөкис спорт колледжинде «Биз саламат турмыс тәризи тәрепдарымыз» сүрени астында өткерилип, оған пайтахтымыздағы 48 улыўма билим бериў мектебиниң ҳәм 26 орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемесиниң оқыўшылары қамтып алынды. Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының үлкен илимий-изертлеўшиси Арзыгүл Қыдырбаева, Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Спорт ҳәм саламатлық бөлими баслығы Руслан Ташимов, Нөкис қалалық санитариялық-эпидемиологиялық орайы шыпакери Венера Абдихайыровалар жасларға елимиздеги экологиялық машқалалар, санитариялық-эпидемиологиялық жағдай, волонтёр жаслар топарының алдына қойған ийгиликли мақсетлери ҳаққында түсиник берип, олар менен халқымыздың келешеги ушын қәўип туўдырып атырған экологиялық машқалаларды сапластырыў жоллары ҳаққында ашықтан-ашық пикирлести.

Илажда халқымыздың экологиялық машқалаларға болған көз-қарасы өзгермей атырғанлығы, қоршаған орталықты патаслаў өзимиздиң денсаўлығымызға зыян жеткизетуғынын түсинбей атырғаны атап өтилди. Соның ушын басқа қала ҳәм районларда да кеўилли жаслардың санын көбейтиў лазымлығы айтылып, алты бағдар бойынша саламатлық ҳәм экология пасбанларының билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеў мақсетинде оқыў-семинарлардың ҳәм басқа да илажлардың өткерилиў усыллары бойынша пикир-усыныслар тыңланды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы