Ташкентте 4-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты менен Беларусь Республикасы Қәўипсизлик кеңеси мәмлекетлик секретариаты арасында еки тәреплеме мәсләҳәтлесиў болып өтти.

Илажда еки мәмлекеттиң қәўипсизлик, қорғаныў санааты комплекси, аналитикалық мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың ҳәрекетлери менен өз-ара исеним, мәмлекетлераралық қатнасықларды ҳәр тәреплеме раўажландырыўда беккем тийкар жаратқаны атап өтилди. Соның нәтийжесинде Өзбекстан-Беларусь қатнасықлары барлық тараўда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан – Беларусь қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгени қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўдиң көплеген бағдарларындағы жумысларды әмелий мазмун менен байытты. Қысқа мүддетте шәртнамалық-ҳуқықый база беккемленди, қорғаныў, қорғаныў санаатының уйымлары, айрықша жағдайлар министрликлери, ҳуқықты қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер арасында режелерди ислеп шығыў тәжирийбеси енгизилди, биргеликте әмелий ҳәрекетлениў жумысшы механизмлери жаратылды.

Мәсләҳәтлесиў даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси аппараты менен Беларусь Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң мәмлекетлик секретариати арасында 2017-жылда қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумның орынланыўы, еки мәмлекет арасында 2019-2021-жылларға мөлшерленген қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў бойынша «Жол картасын» әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Беларусь делегациясының мәмлекетимизге сапар етиўи шеңберинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы арнаўлы әмелиятлар батальоны, Ташкент әскерий округиниң «Чирчиқ» улыўмасәркардалық полигоны, Айрықша жағдайлар министрлигиниң Чимёндағы объектлери, сондай-ақ, қутқарыў топарларының таў шараятында адамларды эвакуациялаў процеси менен танысыў нәзерде тутылған

Илажда биргеликте илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм турақлы раўажланыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша әмелий усынысларды ислеп шығыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты менен Беларусь Стратегиялық изертлеўлер институты арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыў бойынша келисимге ерисилди.

 photo5454233644580318007.jpg

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы