Елимизде денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлериниң кәсиплик байрамы ҳәр жылы ноябрь айының екинши екшембисинде белгилениўи дәстүрге айланған.

Усы мүнәсибет пенен 10-ноябрьде пайтахтымыздағы Республикалық балалар туберкулёзге қарсы гүресиў саноториясында байрамға бағышланған илаж болып өтти.

Оған тараў басшылары, қәнигелери, пайтахтымыздағы емлеўханалардың, қалалық, районлық медицина бирлеспелердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Г.Абдисаметова ашты ҳәм алып барды.

Онда Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Өзбекистан Врачлар ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Мәмбеткәримов, Өзбекистан Мийирбийкелер ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Р.Мишенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда ерисилип атырған жетискенликлер туўралы кең түрде айтып өтти ҳәм кәсиплик байрам менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады.

Илажда Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, Өзбекистан Врачлар ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен медицина саласында көп жыл мийнет еткен бир қатар ветеранлар менен тәжирийбели медицина хызметкерлерине хошаметлеў мақсетинде таярланған саўғалар тапсырылды.

Байрам илажлары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.