Электротехника санаатында 71 жойбар әмелге асырылады.
Электротехника санаатын буннан былай да раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм тармақтың инвестициялық ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қарары қабыл (ПҚ – 4348, 30.05.2019ж.) етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.
Қарар менен электротехника санаатын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.
Оған муўапық, ендигиден былай энергияны үнемлейтуғын, арзан ҳәм сапалы электротехника өнимлери ислеп шығарылады.
Қарар менен, 2019-2020-жылларда электротехника санаатын жедел раўажландырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.
«Жол картасы» шеңберинде, электротехника тармағында мысты қайта ислеў төмендеги муғдарларға жеткериледи:
- 2019 –жылы – 44 мың тоннаға шекем;
- 2020-жылы – 49 мың тоннаға шекем;
- 2021-жылы – 55 мың тоннаға шекем.
Қарарға муўапық, 2019-2021-жылларда электротехника санаатында 71 жойбар әмелге асырылады ҳәм бул жойбарлар ушын 558 млрд 947 млн доллар сарыпланды.
Қарарға бола, 2019-жыл 1-июльден:
- электротехника өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыўларын әмелге асырыўда жергиликли ислеп шығарыўшыларға баҳа преференциясы қолланылады;
- бюджет есабынан қурылатуғын объектлер ушын республикада ислеп шығарылатуғын электротехника өнимлери сатып алынады;
- электротехника кәрханаларының экспорт бойынша мүддети өткен қарыздарлық пайда болыўын есаплаўдың мүддети 180 күн етип белгиленди (әмелдеги нызамшылыққа муўапық мүддет 120 күн);
- электротехника кәрханаларының өз зәрүрликлери ушын алып киретуғын технологиялық үскенелер бойынша төленген пул қаржыларын қайтарыў мүддети 270 күн етип белгиленди (әмелдеги нызамшылыққа муўапық мүддет 180 күн);
- электротехника өнимлери ушын кредитлердиң 1 млн доллардан артпаған бөлегиниң процент қәрежетлери Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қоры есабынан процент ставкасының 50 процент муғдарында, бирақ кредит ставкасының 5 процентлик пунктинен аспаған муғдарда еки жыл қапланады.
Қарар менен 2019-2021-жылларда локализациялаў усыныс етилетуғын өнимлер тастыйықланды.
Блендер, миксер, электр шербет таярлайтуғын, электр гөш майдалағыш, фен, компьютер ҳәм ноутбуклар усылардың қатарына киреди.
ӨзА