Бул ҳаққында Мәмлекетлик салық комитети баспасөз хызмети хабар берди.
Әжинияз Маруфович Халмуратов Хожели районлық салық инспекциясының баслығы лаўазымына тайынланған.
Ә.Халмуратов 1978-жылы Хожели районында туўылған. 2000-жылы Қарақалпақ экономикалық ҳәм исбилерменлик колледжин, 2009-жылы Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалын питкерген. Салық тараўындағы мийнет жолын 2000-жылы Хожели районлық мәмлекетлик салық инспекциясы Қадағалаў-инспекторлық жумыслары бойынша мәмлекетлик салық инспекторы лаўазымынан баслаған. Жаңа лаўазымға тайынланғанға шекем Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының Ишки аудит бөлими баслығы лаўазымында ислеген.
Анвар Отахонович Абдалов Төрткүл районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы лаўазымына тайынланды. Ол 1977-жылы Елликқала районында туўылған. 2000-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген.
Салық тараўындағы мийнет жолын 2003-жылы Елликқала районлық мәмлекетлик салық инспекциясы Юридикалық шахслар төлемлериниң бюджетке түсиўин қадағалаў ҳәм анализлеў бөлиминиң мәмлекетлик салық бойынша аға инспекторы лаўазымында ислеўден баслаған. Жаңа лаўазымға тайынланғанға шекем Елликқала районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги