2019-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстанда 8,2 мың бала туўылыўы дизимге алынған болып (бул жерде тири туўылғанлар ҳаққында сөз болмақта – И.М.) сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда туўылыўшылық коэффициенти 17,7 промиллени қурады. Бул ҳаққында ҚР статистикалық басқармасы хабар берди.

Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўиринде 17,4 промиллени қураған еди.

Туўылыў коэффициенти өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда Тақыятас (15 промилледен 17,2 промиллеге) ҳәм Мойнақ (14,6 промилледен 16,4 промиллеге) районларында сезилерли дәрежеде өскен.

Ал Нөкис районында (21,9 промилледен 17,5 промиллеге) ҳәм Тахтакөпир (16,7 промилледен 12,9 промиллеге) районларында туўылыўшылық коэффициенти төменлеген.

 

Төменде сиз 2019-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстанда Нөкис қаласы ҳәм барлық районлар кесиминде туўылыўшылық көрсеткишлери менен танысасыз.

 

Нөкис қаласы – 1369

Әмиўдәрья – 886

Беруний – 942

Қараөзек – 181

Кегейли – 340

Қоңырат – 567

Қанлыкөл – 215

Мойнақ – 127

Нөкис районы – 212

Тақыятас – 310

Тахтакөпир – 127

Төрткүл – 978

Хожели – 501

Шымбай – 480

Шоманай – 188

Елликқала – 729

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.