Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллери факультетинде Қырғызстан Республикасы Нарын мәмлекетлик университети герман тиллери кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты, доцент Айнура Айдаралиева ҳәм Жүсип Баласағын атындағы Қырғыз Миллий университети инглис тили ҳәм мәдениятлар аралық байланыслар кафедрасының үлкен оқытыўшысы, педагогика илимлериниң кандидаты Гүлнара Акунова институттың шет тиллери бағдары профессор-оқытыўшылары ушын семинар сабағын өткерди.
Қырғызстандағы жоқары оқыў орынлары менен байланыслар орнатыў, илимий-педагогикалық жумысларды биргеликте алып барыў бойынша исленип атырған әмелий жумыслардың бир көриниси болған бул илажлардан келип шығып, қырғызстанлы оқытыўшылар усы жылдың 28-31-май күнлери аралығында институттың шет тиллери факультети студентлери ушын сабақлар өтиўи жобаластырылған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.