Быйылғы жылы барлық жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер мәмлекетлик хызметлер орайы және Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етилиўи, енди абитуриентлер жоқары оқыў орынларына барып жүриўи шәрт емес екенлиги, өзиниң жасап турған аймағында ҳүжжет тапсыра алыўы ҳаққында атап өтилген еди.
Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң мәлим етиўинше, буны Мәмлекетлик тест орайы да, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги де, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң жуўапкер тәреплери де атап өткен. Бирақ, мәлим болыўынша, бүгинги күнге келип жағдай өзгерген. Яғный, тестке байланыслы қарар соңғы жағдайда жойбардағыдан бираз парқлы тәризде қабыл етилген.
Қарарға муўапық, тек ғана Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына ғана ҳүжжетлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир портал арқалы қабыл етилиўи нәзерде тутылған.
Тастыйықланбаған мағлыўматларға қарағанда, Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы бармақ пенен санаўлы ғана жоқары оқыў орынларын дизимге киргизип атырған екен. Бул санаўлы жоқары оқыў орынларын есапқа алмағанда, барлық жерлерде және өткен жыллардағы сыяқлы ҳүжжетлер жоқары оқыў орынларының өзинде қабыл етиледи.
Мәмлекетлик хызметлер орайлары үлкен көлемди еплей алмайды, деген жуўмаққа келген сыяқлы.
Усы орында көплеген сораўлар пайда болады:
Егер абитуриент сайламақшы болған 3 жоқары оқыў орны арнаўлы дизимде болмаса, онда ол сол 3 жоқары оқыў орнына барып ҳүжжет тапсырыўы керек пе?
Жоқары оқыў орынларында ҳүжжет қабыл етилгенде сүўрет, конверт, скоросшиватель папка сорамай ма?
Ҳүжжетлерди алдынғы жыллардағы сыяқлы алып қала ма ямаса қайтарып бере ме?
Дизимге кирмеген жоқары оқыў орынлары ушын онлайн ҳүжжет тапсырыў мүмкин бола ма?
Қулласы, усындай сораўлар көп, бирақ ҳәзирше жуўап жоқ. Жуўапкер шөлкемлер тек ғана «күтип турың, тез арада ҳүжжет қабылланады, кейин белгили болады» деп айтыўдан арғы жағына өтпейди. Қабыллаўға шекем бары-жоғы ярым ай ўакыт қалды, бирақ дерлик ҳеш нәрсе анық емес, – деп жазады ҳуқықтаныўшы-блогер.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.