Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-май күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон менен телефон арқалы сөйлести.

 Мәмлекет басшылары бир-бирин кирип келген мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлап, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.

Президентлер дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстан – Түркия стратегиялық шериклик кеңесиниң дәслепки мәжилисине пуқта таярлық көриў әҳмийетлилиги айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, келешектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың күн тәртиби додаланды.

Дәстүрий дослық руўхында өткен сөйлесиўде мәмлекет басшылары халықларымызға тынышлық-парахатшылық, және де абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.

 ӨзА