Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссияның биринши мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти комиссия баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдошев алып барды.

Комиссия ағзалары, министрликлердиң жуўапкерлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң хызметкерлери және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда Өзбекстан Республикасының Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссиясының режеси, 2019-жылғы жумыс режесинде белгиленген ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.

Гендер теңлиги тек ғана әдеп-икрамлық принципи емес, ал нәтийжели экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады. Сонлықтан елимизде ҳаял-қызларымыз өзиниң умтылысын ҳәм қәбилетлерин толық жүзеге шығарыўға қолайлы шараятлар жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Президентимиздиң 2019-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли қолланба ўазыйпасын атқармақта. Бул ҳүжжетте ҳаял-қызлардың гендер кемситилиўине жол қоймаў мақсетинде Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң жәрдеминде Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссия дүзилиўи белгиленген.

Комиссия мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўге ҳәм ҳаял-қызлардың социаллық турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға белсене қатнасады. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен ҳаял-қызлар гендер теңлигиниң бузылыўына байланыслы мүрәжатларды көрип шығады.

Комиссия ҳаял-қызлар ҳуқықларының кемситилиўиниң барлық түрлерине шек қойыў бойынша улыўма тән алынған халықаралық нормаларды миллий нызам ҳүжжетлерине имплементациялаў бойынша усыныслар таярлайды. Бул бағдарда халықаралық шөлкемлер менен биргеликте ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған илажларды белгилейди ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлейди.

Буннан тысқары, Комиссия жумысында парламент, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери, сиясий партиялар, Ҳаял-қызлар комитети, министрликлер ҳәм басқа да уйымлар менен бирге ислесиў белгиленди.

А.МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы