Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир ҳуқықты қорғаў уйымы тиккелей өз ўәкиллиги шеңберинен шықпайтуғын, бир-бириниң функциясын қайталамайтуғын система қәлиплестириўимиз шәрт, деп атап өткен еди.

 Бул пикирлердиң әмелий дәлийли ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы нызам тийкарында тәртипке салынып атырғанында өзиниң айқын көринисин тапты.

Бурын ишки ислер, қәўипсизлик хызметине байланыслы арнаўлы нызам болмағаны системалардың ўәкиллик ҳәм ўазыйпаларында алжасықларды жүзеге келтиргени сыр емес.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев буннан бир жыл бурын – 2018-жылы 5-апрельде «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызамға қол қойған еди.

Нызамда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Өзбекстан Республикасының конституциялық структурасы, суверенитети, аймақлық пүтинлиги ҳәм мәплерин сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаўшы арнаўлы ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Хызметтиң мәмлекет қәўипсизлигин ҳәм мәплерин  сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаў, нызам үстинлигин беккемлеўдеги орны белгилеп берилди. Түрли жаўызлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бойынша разведка және контрразведка жумысын әмелге асырыў. терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, қурал-жарақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, мәмлекеттиң мәплерине ҳәм қәўипсизлигине қәўип салатуғын миллий, рассалық ҳәм диний алаўызлықты үгит-нәсиятлаўға қаратылған бузғыншылық ҳәрекетиниң алдын алыў, оны анықлаў және оған шек қойыў бойынша алып барыўы беккемлеп қойылды.

Усындай нормалар сәўлеленген нызам системаның нәтийжели жумысы ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты.

Бул ҳужжет тараўға байланыслы қабыл етилген дәслепки нызам болғаны ушын да тарийх бетлеринен орын алды. Бул сәне кейин ала Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күни, етип белгиленди.

2018-жыл 2-октябрь күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамда бул өз көринисин тапты.

Бүгин болса Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери күни дәслепки рет белгиленбекте. Пурсаттан пайдаланып, тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз!

Бул сәнениң кәсиплик байрам сыпатында белгилениўи мәмлекетимиздиң қәўипсизлиги тәмийинлениўи, тараўда әскерий-ўатансүйиўшилик, әдеп-икрамлылық жумыслардың күшейиўи, хызмет ўазыйпасына садықлық руўхының жоқарылаўына хызмет етеберсин!

 

Нургул Абдураимова, ӨзА