Көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў орайына айланған Мойнақ районында нәўбеттеги заманагөй объектлер мүддетинен бурын пайдаланыўға тапсырылмақта. «Aral» футбол майданшасы, 240 орынлық мәденият орайы және 2 000 орынлық амфитеатр солардың қатарына киреди. Ал район орайында жайласқан заманагөй спорт зал ҳәм жабық суў бассейниниң қурылысы жуўмақланыў алдында тур.
«Aral» заманагөй футбол майданшасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Хожели районының футбол командалары өз-ара беллесип те үлгерди. Ойынды ФИФА арбитри Равшан Эрматов басқарып барды.
Жаңадан ашылған амфитеатрда NavrUZ этнофестивалына бағышланған гала концерт болып өтти. Наўрыз байрамы күнлеринде районда автомобильлерге қысылған газ қуйыў шақапшасы ҳәм «Moynaq temir beton onimleri» бетон өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасы ис баслап халықты қуўанышқа бөлеген болса, Ғәрезсизлик байрамы алдынан мойнақлыларға 4 қабатлы 2 ҳәм 3 бөлмели жаңа квартиралар тапсырыў мөлшерленбекте.
Соның менен бирге, Аралдың қурыған ултанында әмелге асырылып атырған жумыслар да өз нәтийжесин берип, егилген сексеўил туқымлары көгерип шыға баслады.
Ҳәзирги күнде Мойнақ туризм орайына айланып бармақта. Атап айтқанда, «Mo’ynoq – orzular oroli» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2 туристлик автобус кредитке алынып, сырт еллердиң туристлери ҳәм жергиликли саяхатшылар Мойнаққа саяхат етпекте. Райондағы ески кемелер жыйналған орынды Кемелер музейи заманагөй комплексине айландырыў ҳәм ири оңлаў бойынша исленип атырған жумыслар туризмди раўажландырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз. Усындай жумыслар «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да даўам етпекте. Бул жерде жайласқан Сулайман Бақырғаный комплекси ири оңланып, әтирапы абаданластырылмақта.
Жақында Аралдың қурыған ултаны ҳәм Үстирит платосы бойлап 363 километр аралықта биринши мәрте «Ралли Мойнақ» жарысы өткерилиўи нәзерде тутылып атырған болса, 23-24-август күнлери еки күн даўамында өткерилиўи шөлкемлестирилип атырған Стихия музыка фестивалына Германия, Япония, Дания, Украина, Швеция, Россия, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерден қатнасыўшылар келиўи күтилмекте.
Мойнақта жедел пәтлер менен әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға әмелге асырған сапарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына байланыслы қабыл етилген бағдарламаға тийкар алып барылмақта. Соны да атап өтиў зәрүр, усы бағдарлама көлеминде бир ғана Мойнақ районында 49 объектте қурылыс жумыслары басланған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги