Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте пайтахтымыз аймағында 8,5 гектар майданда «Ҳәр адамға бир нәлден!» атамасындағы әмелий акциясы тийкарында жаңа «Экобағ» жаратылмақта. Мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-январьдағы қарары менен тастыйықланған Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көптәреплеме шериклик траст фонды жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасы»нда белгилеп берилген ўазыйпалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, Аралбойы аймағында тоғайлықлар жаратыўға үлес қосыў, сондай-ақ, әҳмийетли экологиялық машқалаларды шешиўге кең жәмийетшиликтиң итибарын қаратыўдан ибарат.
Нөкистеги Әмир Темур атындағы дем алыў бағында «Экобағ»ды жаратыў жумысларында Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми ағзалары ҳәм «Жаслар қанаты» белсендилери, республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан қәлеўшилер қатнасқан ҳалда 2 мың түптен артық тут, арша, сакура, акация нәллери отырғызылды.
Республикамыз белсендилери тәрепинен әмелге асырылып атырған ийгиликли ҳәм саўаплы илажлардың бир үлгиси болған «Экобағ» тек ғана Аралбойы аймағының экологиялық машқалаларын жумсартыўға емес, ал, халқымыздың ана тәбиятқа болған ҳүрметиниң айқын мысалы болып табылады.
– Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети 2008-жылы 2-августта Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен дизимнен өтип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанынан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем болып ашылды. Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети халық арасында экологиялық мәдениятты арттырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама тийкарында, халықаралық экологиялық сәнелерге сүйенген ҳалда он жыл даўамында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барды, – дейди Өзбекстан Экологиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми баслығы Айсәнем Бегимова. – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-декабрьдеги парламентке мүрәжатында бул экологиялық ҳәрекет тек экологиялық ҳәрекет болып қалмастан сиясий күшке ийе болып, сиясат майданына шығыўы керек, деген усынысты билдирген еди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 15 депутатлық квота болған болса, бул депутатлар экологияға байланыслы 30 дан аслам нызамлардың қайта көрип шығылыўында, қоршаған орталық ҳаққында 200 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўинде қатнасқан еди. 2018-жылы 14-ноябрь күни Өзбекстан Экологиялық партиясын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаўшылар тәрепинен конференция өткерилип, онда усы партияның шөлкемлестирилиўи ҳаққында усыныс берилген еди. Быйыл 8-январьда Өзбекстан Экологиялық партиясын шөлкемлестириў съезди болып өтти. Ал, 23-февральда усы партияның Қарақалпақстан Республикасында ҳәм басқа ўәлаятларда партия шөлкемлерин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилип, 2-март күни Қарақалпақстан Республикасында партия шөлкемин ашыў бойынша конференция болып өтти. Илажда шөлкем алдына қойылған мақсет-ўазыйпаларды белгилеп, Орайлық Кеңес ағзаларын сайлап алды ҳәм 14-март күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен дизимнен өткерилди. Усы күннен баслап шөлкем ана тәбиятымызды қорғаў мақсетинде бир қатар үгит-нәсият илажларын баслап жиберди. Бүгин өткерилген «Ҳәр адамға бир нәлден!» атамасындағы әмелий акциясы да усындай илажлардың бири болып табылады.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.