Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы бир қатар шөлкемлер менен биргеликте миллий ҳәм халықаралық журналистиканың ең алдынғы жетискенликлерин кеңнен  ен жайдырыў, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң пуқаралық позицияларын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў және журналистлерде сын пикирлеўди ҳәм дөретиўшилик жумысқа жаңаша көз-қарасты қәлиплестириў мақсетинде «Алтын қәлем» XIV Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў өткереди.

3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышланған бул таңлаўға 2018-жылдың 31-мартынан 2019-жылдың 31-мартына шекемги – бир жыл даўамында газета ҳәм журналларда басып шығарылған, радио арқалы эфирге узатылған және телевидениеде көрсетилген ҳәм Интернет басылымларында берилген материаллар 2019-жылдың 15-апрелине шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары ушын төмендеги сыйлықлар шөлкемлестирилген:

Журналистика тараўында бас миллий сыйлық. Жеңимпаз арнаўлы диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм Өзбекстан Республикасында белгиленген ең кем мийнет ҳақының 200 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Тийкарғы сыйлықлар:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (телевидение  — 1-, 2-, 3- орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (радио  — 1-, 2-, 3- орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (баспа ғалаба хабар қураллары— 1-, 2-, 3-орынлар);

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (Интернет-журналистика  – 1-, 2-, 3-орынлар).

Биринши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 160 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Екинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 140 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Үшинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» көкирек белгиси, статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 120 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Хошаметлеўши сыйлықлар ушын номинациялар:

Инсан ҳуқықлары темасындағы ең жақсы материал;

Сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын;

Ең жақсы фоторепортаж;

Ең жақсы баспасөз хызмети.

Бул номинациялардың жеңимпазлары диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм ең кем мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

«Алтын қәлем» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў, сондай-ақ, оны өткериўге байланыслы жумсалатуғын қәрежетлер Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳом» жәмийетлик қорының қаржылай көмегинде әмелге асырылады.

Сондай-ақ, миллий бирге ислесиўшилер ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханалары ҳәм елшиханалары да өзиниң хошаметлеўши сыйлықларын шөлкемлестирген (қосымша етиледи).

Таңлаў шәртлери:

Таңлаўға теле-, радио-, баспа материаллар және Интернет басылымларында жәрияланған жумыслар усынылады (5 тен кем болмаўы керек).

Телевидение бойынша видеоматериаллар (CD, DVD дискте)  3 минуттан 30 минутқа шекем болыўы керек.

Радиоеситтириўлер (CD, DVD дискте) 5 минуттан 30 минутқа шекем болыўы керек.

Баспасөз ҳәм Интернет материаллары түп нусқада ямаса көширме нусқада усынылыўы лазым.

Таңлаўға жиберилген материалларға төмендегилер қосымша етилиўи лазым:

автор ҳаққында мағлыўматнама (объективка);

автордың жасаў мәнзили, үй ҳәм жумыс телефонлары;

паспорт нусқасы.

Таңлаў жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими 2019-жыл 3-май  – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни салтанатлы түрде өткериледи.

Сыйлық бир адамға қайтадан берилмейди.

Материаллар «Алтын қәлем» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи лазым:

100011, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай,

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы 3-қабат.

Телефонлар: (71) 244-64-61; 244-37-87.

www.journalist.uz

*   *   *

Қосымша

«Алтын қәлем» XIV Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў шеңберинде миллий бирге ислесиўшилер шөлкемлестирген номинациялар:

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси:

«Мийнет қатнасықлары сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын»;

«Социаллық шериклик темасы сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын».

Өзбекстан Бийғәрез баспа ҒХҚ және мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры:

«Аймақлық жаңалықларды өзине тән усылда баспа ҳәм интернет басылымларында сәўлелендирген журналист»;

«Интернет тармағында мәмлекетимиздиң унамлы имиджин арттырыўға қаратылған мақалалар таярлаған журналист»;

«Ҳүкиметимиз тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиўде алып барылып атырған реформаларды таллап сәўлелендирген журналист»;

«Мәмлекетимиз тәрепинен кем тәмийнленген шаңарақлар ушын әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында таярлаған аналитикалық мақала».

Алтын қәлем» XIV Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў шеңбериндеги халықаралық шөлкемлердиң номинациялары

1.ЮНЕСКОның  Өзбекстандағы ўәкилханасы :

1.«Журналисттиң мәлимлеме алыў имканиятлары мәселелери».

2.«Журналистлердиң профессионаллық жумысын қорғаў ушын».

2.Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы :

1.«Өзбекстанның сыртқы саўда сиясатының раўажланыўы ҳаққында»ғы ең жақсы материал ушын.

2.«Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў сәўлелендирилген ең жақсы фото ямаса видеоесап (блог, видео-фильм ямаса басқа визуал өним)» ушын.

3.Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы жойбарлары координаторы офиси:

«Терроризмге қарсы гүресиўде ҒХҚның роли».

4.Америка Қурама Штатларының елшиханасы:

«Экономиканы раўажландырыўда Америка-Өзбекстан қатнасықлары сәўлелендирилген ең жақсы материал ушын».

5.Россия Федерациясы елшиханасы:

Россия ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлардың раўажланыўына бағышланған ең жақсы материал ушын.

6.Түркия Республикасы елшиханасы:

  1. «Өзбекстан ҳәм Түркия арасында инвестициялық жойбарларды раўажландырыў мәселелерине бағышланған ең жақсы материал ушын».
  2. «Өзбекстан ҳәм Туркия арасында туризмди раўажландырыў мәселелерине бағышланған ең жақсы материал ушын».
  3. «Түркия ҳәм түрк мәденияты ҳаққындағы ең жақсы материал ушын».
  4. «Түркияның сыртқы сиясаты ҳаққындағы ең жақсы материал ушын».

7.Қытай Халық Республикасы елшиханасы:

  1. «Өзбек – қытай еки тәреплеме бирге ислесиўи ҳаққындағы ең жақсы материал ушын».
  2. «Бир мәкан – бир жол» жойбары шеңбериндеги бирге ислесиў» темасына бағышланған ең жақсы материал ушын.
  3. Қытай ҳаққындағы ең жақсы материал ушын.

8.Project HOPE  (АҚШ):

  1. Баспа/Интернет ҒХҚда туберкулез кеселлигине қарсы гүресиў ҳаққындағы ең жақсы материал ушын.
  2. Туберкулез кеселлигине қарсы гүресиў темасына бағышланған ең жақсы теле/радио материал ушын.
  3. Туберкулез кеселлигине шалынған адамларды кемситиўге қарсы гүресиў (ямаса туберкулез кеселлигине шалынғанларға кеңпейилликти қәлиплестириў) темасындағы материал ушын.
  4. «Регионаллық диалог» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми (Словения):

«ҒХҚда коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ең жақсы саўлеленген материал ушын».

10. DVV International  (Германия):

«Халықтың әззи қатламларын социаллық ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаўда пуқаралық жәмийети ҳәм ҒХҚның роли» ҳаққындағы материал ушын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги ҳәм «Росатом» мәмлекетлик корпарациясы:

«Өзбекстанның атом энергетикасы темасы сәўлеленген ең жақсы материал ушын».

 ӨзА