Усы жыл 4-апрель күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине қараслы Аралбойы балалары ушын реаблитация орайына ийе болған «Имкан» мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ашылыў салтанаты болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувоҳитов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң орынбасары, республика ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Нарбаева, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри А.Шин ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында жас әўлад тәрбиясының биринши ҳәм әҳмийетли буўыны болған мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен өткен жыл Қарақалпақстан Республикасында «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп жәрияланды. Усы тийкарда барлық қала ҳәм районларда кең көлемли қурылыс жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде бүгинги күнге балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў 32 проценттен 43 процентке жеткерилди.
Ҳәзирги ўақытта республикамызда 542 балалар бақшасы жумыс алып барып атырған болса, соннан өткен қысқа ўақыт ишинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 22, мәмлекетлик емес 6 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, сондай-ақ 138 үй бақшасы иске түсирилип, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 51 бақшада қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Бул жумыслар быйылғы жылы да даўам етип, 8 балалар бақшасын жаңадан қурыў, 18 балалар бақшасында ири оңлаў жумысларын алып барыў, 137 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы, 29 үй бақшасын иске түсириў, солай етип, балаларды қамтып алыўды 65 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта.
120 орынға мөлшерленген Аралбойы балалары ушын реаблитация орайына ийе болған «Имкан» мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң қурылысы өткен жылдың июль айында басланған болып, «Yuksak parvoz qurilish» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерге тийкарынан сөйлеў, көриў ағзаларында, өсип-раўажланыўында нуқсаны болған 2 жастан 7 жасқа шекемги балалар қабыл етиледи.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси заманагөй мебельлер, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм компьютер техникалары менен тәмийинленген. Дем алыў, аўқатланыў, емлениў бөлмелери, бассейн, түрли ойыншықлар менен үскенеленген балалар майданшалары тәрбияланыўшылардың хызметинде. Бул жердеги шараятларды көрип, балалардың тәрбия алыўы ҳәм емленип шығыўына кең имканиятлардың бар екенлигиниң гүўасы боласыз.
-Келешекте республикамыздан тысқары Хорезм ўәлаятынан да балаларды қабыл етиў режелестирилген,-дейди «Имкан» мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң директоры Нурсулыў Қудайбергенова.-Бул елимиздеги бирден-бир реаблитация орайына ийе балалар бақшасы болғанлығы себепли медицина хызметкерлери ҳәм педагог тәрбияшылар таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етилди. Соннан 36 шыпакер ҳәм тәрбияшы январь айында Ташкент қаласындағы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, Курбанов атындағы республикалық балалар психоневрологиялық емлеўханасында ҳәм республикалық балаларды социаллық бейимлестириў орайында, 15 шыпакер ҳәм тәрбияшы февраль айында Россия Федерациясының Москва қаласындағы «Балалық» реаблитация орайында, Санкт-Петербург қаласы А.И.Герцен атындағы педагогикалық институтында тәжирийбе арттырып қайтты. Өз гезегинде россиялы қәнигелер реаблитация орайымызда болып, заманагөй әсбап-үскенелерди ислетиў усылларын үйретип, ис-тәжирийбелери менен ортақласып кетти.
-Барлық шараятларға ийе бундай мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин саўға еткени ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди ата-аналардан бири Гүлназ Матекеева.-Себеби, бул жердеги балалар усындай жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаўға мүтәж. Перзентлеримиз бул жерде тәлим-тәрбия алып ғана қалмастан, ҳәр күни шыпакерлердиң бақлаўында болып, арнаўлы реаблитация курсларынан өтеди. Балалар бул жерде ҳеш жалықпайды, сонлықтанда ҳәр күни азанда сүйикли бақшасына, шыпакери менен тәрбияшыларына қарай асығады. Бул ҳақыйқатлық.
Усы күни «Имкан» реаблитация орайына Презиент саўғасы-бир дана «Нексия» ҳәм еки дана «Дамас» автомашинасы тапсырылды.
Илаж қатнасыўшылары жаңадан пайдаланыўға тапсырылған көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияланыўшыларға жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.