Өткен жылы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Францияға сапарынан соң мәмлекетлеримиз арасында көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, жоқары билимлендириў мәкемелеринде француз тилин терең үйрениў, бул бағдардағы кадрларды таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети жанында «Өзбекстан-Франция» дослық жәмийети нәтийжели жумыс алып бармақта. Усы жәмийеттиң баслығы, ӨзМУ ректоры Авазжон Мараҳимов ҳәм атқарыўшы директор Раҳима Ширинованың басламасы менен ҳәр жылы бир қатар илажлар, илимий-әмелий әнжуманлар өткерилмекте, профессор-оқытыўшылар, жас излениўшилер ҳәм қәбилетли студентлер Францияның жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелигин арттырып, халықаралық конференцияларда қатнаспақта. Француз әдебияты дүрданалары тиккелей өзбек тилине аўдарма исленип, басып шығарылмақта.
ӨзМУдиң шет ел филологиясы факультетинде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер өзиниң мүнәсип баҳасын алды. «Өзбекстан-Франция» дослық жәмийетиниң атқарыўшы директоры, филология илимлериниң докторы, профессор, француз филологиясы кафедрасы баслығы Раҳима Ширинова француз тилин оқытыў, үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, француз мәдениятының раўажланыўына қосқан үлкен хызметлери ушын 2019-жыл 27-март күни Франция мәмлекетиниң «Palmes Académiques» ордени менен сыйлықланды.
Бул орден Франция ҳүкимети тәрепинен илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ушын бериледи. «Palmes Académiques» ордени 1808-жылы 19-мартта император Наполеон 8 тәрепинен енгизилген ҳәм биринши рет Париж университети академиги ҳәм профессорлары сыйлықланған.
Ҳәзирги ўақытта бул орденге талабанлар Франция билимлендириў министрлиги ҳәм Пальм академиясы орден Кеңеси менен биргеликте көрип шығылады. Кеңестиң қарары менен талабанлар дизими Франция Бас министри тәрепинен тастыйықланады.
Француз тили бойынша жетик қәнийге Раҳима Ширинова 26 жылдан берли ӨзМУде француз тилин оқытыў, сабақлық, оқыў қолланба ҳәм сөзликлер жаратыў бойынша нәтийжели жумысларды әмелге асырған. Мийнеткеш илимпаздың 120 дан зыят илимий мақаласы француз ҳәм өзбек аўдармашылығын изертлеўге ҳәм көркем аўдарманы таллаўға арналған. Ол соңғы жылларда мәмлекетлик грантларды әмелге асырыўға, сондай-ақ, французша-өзбекше аудиовизуал ҳәм визуал сөзликлер жаратыў сыяқлы инновациялық жойбарларға басшылық етпекте. «Өзбекстан-Франция» дослық жәмийетиниң атқарыўшы директоры сыпатында Раҳима Ширинова француз мәдениятын Өзбекстанда, өзбек мәденияты ҳәм тилин Францияда үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетпекте.
Улуғбек Усмонов,
ЎзМУ шет ел филологиясы факультети
француз тили бағдары бойынша излениўши.
ӨзА