Бәҳәр паслының ең гөззал байрамларының бири «Наўрыз» әййямы ҳәм орынлардағы оған арналған байрам илажлары даўам етпекте.

19-март күни Нөкис қаласы «Нәўбәҳәр» МПЖда Наўрызға бағышланған байрам илажы болып өтти. Оған Нөкис қаласының сектор басшылары, 1-сектор аймағындағы мәкан пуқаралар жыйынларының, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, олардың жумысларында табыс, шаңарақларына аманлық, молшылық, елимизге тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.

Илажда усы аймақта жасайтуғын кем тәмийинленген 30 хожалыққа азық-аўқат өнимлери тарқатылды, нураный аталарға шапан кийдирилип, аналарға орамал жаўылды. Миллий тағам – сүмелек тарқатылды.

Байрамға усы сектордағы 15 МПЖ турғынлары миллий кийимлерде, өзлери таярлап келген миллий тағамлар, үй-руўзыгершилик буйымлары менен қатнасты.

– Бизиң мәкан-пуқаралар жыйынымызда мыңнан аслам хожалықта, 5615 адам аўызбиршилик пенен татыў түрде жасап киятыр,-дейди «Нәўбәҳәр» МПЖ ақсақалы Ә.Еримбетов. – Аймағымызда улыўма билим бериў мектеби, еки мәкеме ҳәм басқа да киши жеке меншик кәрханалар бар. Олар да усындай илажларға белсене қатнасып жәрдем берип келмекте. Бүгинги байрам илажының бизде өтиўи де аймақта жасайтуғын халықтың, мәкеме басшыларының аўызбиршилигинен, деп ойлайман. Байрам ҳәммеге қутлы болсын.

Илажда қалалық мәденият бөлими, аймақтағы мектеп ҳәм балалар бақшалары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Байрам сейили қораз урыстырыў, қошқар дүгистириў, арқан тартысы, гүрес сыяқлы миллий ойынлар менен даўам етти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.