Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетин дүзиўге байланыслы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына, халықтың әдилликке, ертеңги перспективалы күнлерге болған исенимине үлкен зыян келтиретуғын қәўиплердиң бири коррупция болып есапланады. Елимизде коррупцияға қарсы кескин гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша анық илажлар көрилип атырғанына қарамастан, бул иллетти түп-тамыры менен жоқ етиўдиң имканияты болмай атыр.

Соны итибарға алған ҳалда, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилисте шығып сөйлеген сөзинде бул бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелери ҳәм Конституциямыздың талаплары тийкарында Олий Мажлис палаталарында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комитетлерди дүзиўди усынған еди. Бул комитетлер барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымларда коррупцияға қарсы гүресиўди буннан былай да күшейтиўге ўәкиллик уйымы сыпатында мүнәсип үлес қосыў кереклиги атап өтилген еди.

Мәмлекетимиз басшысының усы тапсырмасынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетин дүзиўге қарар етилди.

Бул комитетке мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелерде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ишки бағдарламаларды ислеп шығып, оларды турмысқа избе-из енгизиў процеси үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде коррупцияға алып келетуғын нормалар бар екенлигин анықлаў көзқарасынан оларды терең таллаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар жүкленбекте.

Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықты қолланыў жумысын системалы түрде үйренип барыў, комитет мәжилислеринде мәпдар шахслардың коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумысы бойынша тыңлаўларды өткериў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары, коррупция ҳаққындағы басқа да мағлыўматларды көрип шығыў, әмелге асырылған жумыслар бойынша парламент ағзаларын турақлы хабардар етип барыў сыяқлылар да тийкарғы ўазыйпалар қатарында белгиленбекте.

– Бүгин тек ғана парламентимиз емес, ал елимиздиң жәмийетлик-сиясий, ҳуқықый турмысында әҳмийетли тарийхый күнлерден бири сыпатында тарийхта қалатуғын болды, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Мухтабар Ҳусанова. – Себеби, парламентимиздиң төменги палатасында әҳмийетли структура – коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жаңа комитет дүзилди. Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта елимизде инсанның  ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, экономиканы раўажландырыў, улыўма айтқанда, барлық тараўдағы реформаларды жүзеге шығыраў ушын, биринши гезекте, раўажланыўдың душпаны болып есапланған коррупцияға пүткиллей шек қойыў талап етиледи. Усы мәнисте, коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине ҳуқық қорғаў уйымлары менен бир қатарда, парламент дәрежесинде итибар қаратылыўы бундай жат иллетке келисимсиз болыўда, тәсиршең парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда үлкен әҳмийетке ийе болады. Мәмлекетимиз басшысы бул иллетке қарсы гүресиў орайы Парламентте болыўы керек, деген мәнисте комитет дүзилиўин усыныс етти. Демек, биз – депутатлар усы ҳәрекетлер системасында өрнек болыўымыз керек. Усы мәнисте, ең дыққатқа ылайық жумысымыз сонда, палатада енди ҳәр қандай көрсетпе бериўши нормалардан жырақ болған, тиккелей ислейтуғын нызамлар қабыл етиле баслайды. Бул болса түрли мәкемелердиң мәплери қамтып алынған, коррупцияға алып келетуғын ҳүжжетлерди сапластыратуғыны анық.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарына «Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў ҳәм модернизациялаўдың жағдайы ҳәм усы тараўда әмелге асырылған илажлар ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының парламентлик сораўы ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Депутатлардың пикир-таласына себеп болған бул парламентлик сораўға келген жуўапта атап өтилгениндей, мәмлекетимизде фармацевтика санаатын раўажландырыў, тараўға сырт ел ҳәм жергиликли инвестицияларды жедел тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў, жергиликли дәрилик қураллар шийки затын терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў мақсетинде бир қатар жойбарлар ислеп шығылып, әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде тармақлар ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда фармацевтика тараўында 18 жаңа жойбарды турмысқа енгизиў белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 3-майдағы пәрманына бола «Нукус-фарм», «Замин-фарм», «Касансай-фарм», «Сырдәрья-фарм», «Байсун-фарм», «Бостанлық-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналары шөлкемлестирилди. Олар тәрепинен бир қатар дыққатқа ылайық жойбарларды әмелге асырыў жолға қойылды.

Бирақ, депутатлардың атап өткениндей, ҳәзирги ўақытта бундай жумыслар менен бирге, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша бир қатар машқалалар бар. Аймақларда депутатлар тәрепинен үйрениўлер қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин, атап айтқанда, Президенттиң пәрман ҳәм қарарларын, Министрлер Кабинетиниң қарарларын сапалы және толығы менен орынлаў бойынша жетерли илажлар көрилмей атырғанын, режелестирилген айырым жойбарларды әмелге асырыў мүддетлери кешигип атырғанын, жуўапкер уйымлардың басшыларына жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда басламашылық жетиспей атырғанын көрсетпекте. Соның ишинде, фармацевтика тараўында еркин экономикалық зоналарды қурыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый мәселелерди шешиўде қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта. Олардың жумысын қаржыландырыўда да анық дәрек ҳәм механизмлер белгиленбегени себепли түрли машқалалар жүзеге келмекте.

Додалаўлар ўақтында депутатлар еркин экономикалық зоналардың жумысын шөлкемлестириў ушын ажыратылған жер участкаларының белгиленген талапларға муўапықлылығы, транспорт, инженерлик-коммуникация, өндирис инфраструктурасының толық тәмийинленбей қалыўының себеп ҳәм факторларын да додалап, таллады. Тараўдағы бар машқалалардың шешимине қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша алға қойылған усыныслар көрип шығылды.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети