ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы жумысларының қайта көрип шығылыўы, бюро қурамында қысқартыўлар күтилип атырғаны ҳаққындағы хабарлар тарқалған еди. Бас прокуратура баспасөз хызмети бундай хабарларды бийкарлады, деп жазады Daryo.uz.

– Бул мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўра келмейди. Мәжбүрий орынлаў бюросы өз жумысларын Президенттиң 2017-жыл 29-майда қол қойған пәрманында белгиленген тәртипте орынламақта, – деп жазылған хабарда.

Баспасөз хызмети баслығы Сурайё Раҳмонованың билдириўинше, алдағы ўақытларда бюро жумыслары, оның атамасы ҳәм тиккелей бойсынатуғын жоқары шөлкемин өзгертиў ямаса алмастырыў нәзерде тутылмаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги