Елимизге  бәҳәр пасылы кирип келди. Күнлер жылып, жағымлы самал инсанлар кеўилине өзгеше қуўаныш  бағышлайды.  Республикамызда ҳәр жылы «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы елимиз бойлап жоқары көтериңкилик руўхта белгиленип өтиледи.

17-март күни Қараөзек районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби майданшасында  «Әзиз ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасында саз-сәўбетли, хореографиялық, театрластырылған  байрам кешеси болып өтти.

Байрам майданшасы рәңберәң гүллер, миллий нағыслар, шарлар менен безелген.

Байрам кешесинде район ҳәкими Д.Өтемуратов жыйналғанларды Наўрыз байрамы менен қызғын  қутлықлап, район экономикасына қосқан үлеси ушын  райондағы 10  исбилерменге республика ҳүкимети ҳәм район ҳәкимияты атынан  «Алғыснама»ны  салтанатлы түрде тапсырды.

Соң районлық Мәденият бөлими мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы ҳәўескерлери тәрепинен шөлкемлестирилген саз-сәўбетли, хореографиялық, театрластырылған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Күнниң екинши ярымында райондағы ат шабар майданында Наўрыз сейиллери ҳәм көкпар ойынлары өткерилип, халқымыз асығып күткен байрам тамашалары өткерилди.

Солай етип, халқымыз асығып күткен, Улыстың уллы күни – Наўрыз улыўмахалықлық байрамы йошлы концерт бағдарламасы, миллий тағамлар ярмаркасы, миллий спорт ойынлары менен жоқары көтериңкилик руўхта өткерилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы