Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Миллий университети студентлери басламасы менен Арал бойы аймағында бағ жаратыў мақсетинде «Арал ҳәм жаслар» ураны астында экологиялық акция шөлкемлестирилди.
Акция Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслары тәрепинен қоллап-қуўатланып, Мойнақ районындағы «Бозатаў» АПЖ Шағырлы аўылы аймағындағы 2 гектарлық жерде мийўе нәллеринен бағ жаратылды.
– Бул қайырлы жумысларда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан 30 белсенди студент ҳәм бир неше хызметкерлер қатнасты. Биз институтымыз жәмәәти менен ярым гектарлық жерге 200 түпке шамалас алма, алмурт, жүзим, шабдалы сыяқлы мийўе нәллерин ектик, – дейди институт проректоры Рашид Ибадуллаев.
Студентлер тәрепинен пайда етилген бағда оқыў-илимий майданша жаратылды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Фотолар авторы: Мақсет Ҳабибуллаев.