Усы жыл 16-март күни Нөкис қаласы «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Арал» мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешев, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова шығып сөйлеп, жыйналғанларды улыўмахалықлық Наўрыз байрамы ҳәм балалар бақшасы имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў ҳәм мектепке таярлаў, тәрбия процесине заманагөй оқыў бағдарламаларын енгизиў, тәжирийбели педагог кадрлар менен тәмийинлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан жетилискен инсанлар етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта. Өткен 2018-жылдың республикамызда «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп белгилениўи буның айқын дәлийли болып табылады.
Республикамызда 170 орында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў режелестирилген еди. Соннан Нөкис қаласында 30 орында усындай мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинен бүгинги күнге үш орында, атап айтқанда, «Қос булақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Мениң қуяшым», «Алланияз Қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Метрика», «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы үйлердиң биринши қабатында «Нәўше» мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.
Нөкис қаласында 13998 бала мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине тартылған болып, бул көрсеткиш 59 процентти қурайды. Быйылғы жылы 30 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилсе, балаларды қамтып алыў көрсеткиши 70,7 процентке жетеди.
Жеке исбилермен Гөззал Камалованың басламасы иске түсирилген 100 орынға мөлшерленген «Арал» мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имараты ушын «Өзсанаатқурылыс» акционерлик-коммерциялық банки Қарақалпақстан филиалынан 2,6 миллиард сум жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылды. Қолы гүл қурылысшыларымыз тәрепинен еки қабатлы заманагөй имарат өз мүддетинде сапалы етип питкерилди.
Илаж қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Усы күни «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Табассум» мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имараты да пайдаланыўға тапсырылды. Жеке исбилермен Абай Алиевтиң басламасы менен иске түсирилген 100 орынға мөлшерленген жаңа имарат ушын «Өзсанаатқурылыс» акционерлик-коммерциялық банки Қарақалпақстан филиалынан 2,9 миллиард сум жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.