Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде белгили мәмлекетлик искер ҳәм талантлы жазыўшы Шараф Рашидовтың туўылғанының 100 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Илажда университет проректоры М.Ибрагимов, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, филология илимлериниң кандидаты, доцент И.Қурбанбаев, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Ж.Айтмуратов шығып сөйлеп, Ш.Рашидовтың пидәкерлик мийнети, дөретиўшилик жумысларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, оның елимизге шерек әсир басшылық еткен дәўири оғада қыйын ҳәм аўыр жылларға туўра келип, бар күш-жигерин халқымыздың абадан турмысын, перзентлеримиздиң бахытлы келешегин тәмийинлеўге жумсады. Соның ишинде қарақалпақ халқына айрықша ғамхорлық көрсетти. Атап айтқанда, 1966 ҳәм 1972- жыллары Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша Өзбекистан ҳүкиметиниң еки мәрте қарары қабыл етилди. Оның басламасы менен темир жол алып келинди. Пайтахтымыз Нөкис қаласында бир қанша социаллық сала объектлери, турақ жайлар қурылып, район орайлары менен аўылларымыз абаданластырылды.

Шараф Рашидов белгили мәмлекетлик искер болыўы менен бирге талантлы журналист ҳәм жазыўшы еди. Оның дөретиўшилиги 1930- жыллардың екинши ярымынан басланады. Усы жылы  «Самарқанд қосықлары» дәслепки қосықлар топламы жарық көреди. «Жеңимпазлар» «Бораннан күшли», «Қүдиретли толқын» романларында урыстан соңғы Өзбекистан халқының турмысы, қайта тиклениў жолындағы мәртлик мийнетлери сәўлеленген. Жазыўшының «Кашмир қосығы» шығармасы болса дүньяның бир қатар тиллерине аўдарылды.

Белгили мәмлекетлик искер ҳәм талантлы жазыўшы Шараф Рашидов қайтыс болғаннан кейин қараланып, өмирин ҳәм дөретиўшилигин үйрениў қадаған етилди. Ғәрезсизлик қарсаңында Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мәртлигиниң арқасында ҳақыйқатлық тикленди.  «Пахта иси», «Өзбеклер иси» деген тамғалар менен айыпланып, наҳақ қамалған инсанлар, соның ишинде Ш.Рашидов атының қайта тиклениўи буның айқын дәлийли болып табылады. Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 27-марттағы «Белгили мәмлекетлик ғайраткер ҳәм жазыўшы Шараф Рашидовтың 100 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары халқымыздың уллы перзентиниң жарқын естелигин улығлаўдың және бир көриниси болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.