Қараөзек районында «Өзбекистан Халық демократиялық партиясы-елимизде демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыў процесиниң белсенди қатнасыўшысы» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Районлық ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары, партия белсендилери, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының мәсләҳәтшилери, оқыўшы жаслар қатнасты.

Дөгерек сәўбетинде район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Р.Қармысова, Өзбекистан ХДП Қараөзек районлық Кеңесиниң баслығы Б.Абилмуратов, райондағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, районлық Кеңестиң депутаты А.Тилеўмуратов, районлық билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы кеңесиниң баслығы, партия белсендиси  М.Қәллибекова, Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйынының баслығы, районлық Кеңестиң депутаты А.Темирханов шығып сөйлеп, демократиялық реформаларды буннан былайда тереңлестириў, пуқаралардың сиясий белсендилигин арттырыўда партия шөлкемлери менен депутатлардың қатнасын күшейтиў, партияның бағдарламалық мақсетлерин үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қуралларының роли, сайлаў системалары ҳәм сайлаў процесиниң тийкарғы басқышларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Халық демократиялық партиясы 1991-жылы 1-ноябрьде болып өткен партияның Шөлкемлестириў қурылтайында дүзилген болып, тийкарғы мақсети, елимизде социаллық қоллап-қуўатлаўға  ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың мәплерин қорғаў, жаслардың кәсип-өнер ийелеўи, билим алыўы, оқыўды питкергеннен кейин жумыс орнына ийе болыўы ушын бәршеге теңдей шараят жаратыўдан ибарат. Соның менен бирге, пенсионерлер, мийнетке жарамсыз майыплар, ата-анасының қарамағынан айрылған балалардың турмыслық талабын толық қанаатландырыўға кепиллик беретуғын пенсия тәмийнаты ҳәм социаллық напақалар системасын қәлиплестириў болып табылады.

— Cайлаўалды бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў және елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў жолындағы реформаларда белсенди қатнасыў бойынша партияның 2015-2019-жылларға мөлшерленген әмелий Ҳәрекет бағдарламасы қабыл етилди, —дейди Өзбекистан ХДП Қараөзек районлық Кеңесиниң баслығы Бахтияр Абилмуратов. — Онда электорат мәплерин қорғаўға қаратылған нызамшылық басламалар менен шығыў, аймақларда халықты ойландырып жүрген әҳмийетли мәселелерге шешим табыў, мақсетли бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде депутатлық ҳәм парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша парламенттеги фракциямыз, жергиликли Кеңеслердеги партия топарларымыз алдына бир қатар ўазыйпалар қойылды.

Илажда сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 25 жыллығын ылайықлы күтип алыў мәселелери додаланды. Байрам мүнәсибети менен районда баскетбол ҳәм стол тенниси бойынша жарыс өткериў бойынша шешим қабыл етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.