Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясында гезектеги Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда Федерацияның ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлериниң басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Мәжилисте Федерация ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлериниң 9 айлық есабы тыңланып додаланды. Баянатларда әмелге асырылған жумыслар унамлы баҳаланып, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў, тутыныў мәдениятын еле де арттырыў мақсетинде өткерилип атырған илажлардың, семинарлардың сапасы жақсыланғанлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, усы жыл 9 ай даўамында Федерация ҳәм оның орынлардағы жәмийетлерине келип түсип атырған мүрәжатлардың саны 748 ге жеткен. Бул алдынғы жыллардың усы дәўири менен салыстырғанда әдеўир көп.

Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 31-марттағы «Қарақалпақстан Республикасында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўда жәмийетшиликтиң қатнасын күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў бойынша мәмлекетлик органлар менен Федерацияның бирге ислесиўинде әмелге асырылған жумыслар додаланып, алдағы режелер белгилеп алынды. Сондай-ақ, қалалық ҳәм районлық  жәмийетлердиң қаржы-хожалық жумысларын үйрениў нәтийжелери туўралы да мағлыўматлар тыңланып, басқа да шөлкемлестириў мәселелери додаланды ҳәм көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.