Парашюттан секирген биринши қарақалпақ қызын билесиз бе?

15

Ҳәр бир дәўирдиң өз қаҳарманлары болғаны сыяқлы, Шәригүл апа қандай дәўирде жасамасын, өзиниң мәртлиги, билими, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы менен дәўир қаҳарманы болған ҳаял. Бүгин парашюттан секириў әпиўайы нәрсе болып қалған болыўы мүмкин, бирақ, 1961-жылы қарақалпақ қызының «жүрек жутып»  парашюттан секириўи бул сол дәўир ҳаял-қызлары турмысындағы үлкен жаңалық еди…

Бурынғы ВЛКСМ ның 50 жыллығы совхозында (ҳәзиги Шортанбай елаты) жуўапкерли жумысларда ислеп жүрген ўақытларында өзиниң белсендилиги менен көзге түскен Шәригүл Юсупбаеваның өмир жолындағы тәжирийбеси сол алыс жаслық жылларда қалған өзине тән болған қайсарлығы, өзине деген исеним менен таслаған қәдеминен басланған еди…

– Мектепти гүмис медаль менен питкерип, 1959-жылы Ташкент аўыл хожалық институтының экономика факультетине оқыўға кирген ўақытларым еди, – дейди ол сол жаслықты еслеп. Студентлердиң ҳәр қыйлы дөгереклерге қатнасыўы белгиленлиги себепли мен  ДОСААФ тың парашюттан секириў дөгерегине жазылып, сырларын үйрене басладым. Бир күни самолетқа минип, парашюттан секиремиз деп медициналық тексериўден өттик. Тексериўден табыслы өткен жаслар арасында биринши рет 1961-жылдың 12-март күни «Ан-2» самолетинен 800 метр бийикликтен секирдим…

Ашық  ҳәм көк-көмбек аспан қушағында аппақ қулаш жайған парашютта жерге жеткенше мәртликти мойынлап, тәўекелшиликти тумар еткен қарақалпақ қызы сол күни парашюттан секирген биринши қарақалпақ қызы болып тарийхта қалды. Мине соннан берли де арадан 65 жыл ўақыт өтипти. Сиз көрип турған сүўрет «Ўзбекистон хотин-қизлари» журналының фотохабаршысы М. Розенкранц тәрепинен түсирилген болып, берилген тапсырманы табыслы орынлап,  қуўаныштан жүзлери жайнап турған гезинде түсирилген бул сүўретте жаслықтың, батырлықтың өзине тән болған шырайлы көриниси сәўлегенген. Төменде күтип турған дослары  қуўаныш пенен қарсы алып, бәри «десант» лықты жуўапкершилик пенен орынлаған сол мәўритлер оның бир өмир жүрек төринде сақланып қалған.

Шаригүл апа институтты тамамлағаннан соң Кегейли районлық бурынғы Жданов атындағы хожалықта экономист болып ислеўден мийнет жолын баслады. Қайнап турған жигер, батыллық пенен даўам етип атырыған  өмир жолында ол сол дәўирдеги хожалық басшыларының исеними менен комсомол комитетиниң жумысларында  жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды. 1967-жылдан баслап жаңадан қоныс басқан Нөкис районындағы ВЛКСМ ның 50 жыллығы совхозында (ҳәзирги Шортанбай) дәслеп есапшы, соңынан кадрлар бөлиминиң баслығы лаўазымын атқарып, 1975-жылдан баслап аўыллық кеңесте хаткер болып он еки жыл жумыс алып барды ҳәм соңынан «Шортанбай» ширкет хожалығының кәсиплик аўқамы комитетинде басшылық етеди.

Қарақалпақтың биринши «десант» қызы  әзелден қанына қарысқан мәртлиги менен ол мийнет жолында қандай лаўазымды атқармасын ҳәм қатал ҳәм мийримли минез – қулқы менен барлық жумысты өз ўақтында орынлап,  ел-журт алдында жақсы ат, жақсы абырай арттырды. Ер адамларға тән ғайбарлығы менен алып барған шебер шөлкемлестириўшилик жумсылары арқалы ол  салыгершилик пенен ат шығарған совхоздың экономикасының раўажланыўында мүнәсип үлес қосты.

1994-жылдан баслап ҳүрметли дем алысқа шыққан Шәригүл Юсупбаева «Нураный» қорының Шортанбай хожалығындағы жәмәәтлик орайына басшылық етти. Ол басшылық еткен дәўирде орай «Ең жақсы жәмәәтлик орай» таңлаўының Өзбекстан басқышында екинши орынды ийеледи.

Жаратылыстан нәзик тәбиятлы болып жаратылған ҳаял ушын оның өмирин гөззаллықлар менен безеп, турмыс жолында «қос арыс» ты теңдей тартып, аўырын жеңил ететуғын өмирлик жолдастың орны айрықша. Усындай ўазыйпаны мүнәсип атқарған, мектепте дене тәрбиясы пәни муғаллими болып ислеген өмирлик жолдасы Аралбай Бекназаров (марҳум) пенен биргеликте олар  ул-қызларды камалға келтирип, жәмийеттен мүнәсип орын табыўларында жақсы тәрбия берди.

Ҳәзирги ўақытта Шәригүл апа нураныйлық жасында  ул-қызлары, ақлық ҳәм шаўлықлары менен қушағы толы болған бахытлы ана.  Аўылда, мәҳәлледе, қоңсы-қоба ҳәм жақынлары арасында жасүлкеншилиги менен жасларға жол жоба бериўде шаршамайтуғын оның хызметлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, «Ибратлы ҳаял» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Бизге тарийхтан мәлим болғанындай қарақалпақ ҳаял-қызлары арасында мәртликтиң тымсалы болған ўақыялар көп. Бирақ, парашюттан секирген биринши қарақалпақ қызының ғайраты өз алдына барлық қызларымыз ушын өрнек, жеделлик, батырлық инам етиўи сөзсиз.

– Жаслық қайта айланып келсе  парашюттан және секирер едим, -деп күлимлеп жүзлеринен нур жаўып турған апамызды бахытлы дәўирдиң бахытлы мәўритлери тәрк етпеўин тилеп, байрам менен қутлықлап, зор денсаўлық тилеймиз.

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги