Парагвай Президенти Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

Парагвай Республикасы Президенти Саньтяго Пенья рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.
Жоқары мәртебели мийман 12-декабрь күни “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Уллы ҳәм ийгиликли мақсетлер жолында ийгиликли ислери менен елимиз тарийхында өшпес из қалдырған ата-бабаларымыздың тулғасына бүгин дүнья халқы ҳүрмет көрсетпекте.
Мәмлекетимиздиң өтмиши ҳәм келешегине исеним тымсалы болған Ғәрезсизлик монументи усы жерде мәнаўияттың гүлтажы болған камал ийелери жетилисип шыққанынан дерек берип тур.
Парагвай Президенти Саньтяго Пенья Ғәрезсизлик монументине гүл қойып, Ўатан азатлығы, ел абаданлығының айқын көриниси сыпатында мақтанышлы бой тиклеген комплекс алдында бас ийип ҳүрмет көрсетти.
Елимиз тарийхы, дүнья цивилизациясына үлес қосқан ата-бабаларымыздың ағартыўшылығы ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.
Мәресимде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм басқа да рәсмийлер қатнасты.
Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,
Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет),
ӨзА