ӨзЛиДеП Сиясий Кеңесиниң Атқарыў комитети ҳәм партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар Шымбай районындағы исбилермен ҳәм фермерлер менен ушырасты.

Ушырасыўда тийкарынан партияның электораты ўәкиллери есапланатуғын исбилерменлер ҳәм фермерлер менен сәўбетлесиў, олардың пикир-усынысларын, машқалаларын үйрениў, сондай-ақ, электорат қурамын және де кеңейтиў мақсетинде ағзалыққа кең қамтып алыў, партияның жумысларын жеделлестириў мәселелери талқыланды.

– Келеси жылы болып өтетуғын сайлаўларға ҳәзирден баслап таярлық көриўди, әсиресе, партияның мақсет ҳәм бағдарламаларын үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип киятырған ағзаларымызды кадрлар резервине алыў, белсенди исбилермен ҳәм фермерлеримизди ағзалыққа кеңнен тартыў керек, – дейди ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң жуўапкер ўәкили Г.Холмуратова. – Партиямыздың тийкарғы идеясы да исбилермен ҳәм фермерлердиң мәплерин қорғаўдан, оларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Усы себепли де ҳәр бир иске жуўапкершилик пенен қарап, партияның жумысларын және де жетилистириў керек.

Илаж даўамында жоқарыдағы мәселелер бойынша пикирлер додаланып, партия қурамына 5 фермер хожалығының басшылары ағзалыққа қабыл етилди ҳәм оларға партия гүўалықлары тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.