Қанлыкөл районы аймағындағы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынында аймақ пуқараларына қолайлық жаратыў мақсетинде миллийлик пенен заманагөйликти уйғынластырған қара үй (отаў) жойбарындағы бәндирги қурылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Бул бәндирги қарақалпақ халқының миллий нағыслары менен безетилген болып, аймақ халқының автотранспортларды күтиўи, дем алыўлары ушын отырғышлар салынып, қолайлықлар жаратылған.

Еслетип өтемиз, алдын райондағы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында өзгеше «Зонтик бәндирги» қурып питкерилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги