«General Motors» компаниясының модельлер қатарын жаңалаў бойынша глобаллық стратегиясына муўапық, «Chevrolet Captiva» автомобилин «GM Uzbekistan» АЖ өндирислик қуўатлылығында жыйнаў жуўмақланады. Бул ҳаққында компанияның баспасөз хызмети хабар бермекте.

Атап өтилиўинше, усы мүнәсибет пенен усы модельдеги автомобильлерди жеткерип бериў бойынша шәртнамаларға арзаларды дизимнен өткериў бүгиннен баслап тоқтатылады.

«GM Uzbekistan» АЖ дилерлик кәрханалары менен биргеликте «Chevrolet Captiva» маркасындағы автомобильлерге дүзилген шәртнамалар ушын тутыныўшылар алдында өзиниң миннетлемелерин жылдың ақырына шекем толық жеткерип берилиўин тәмийинлейди.

«Chevrolet Captiva» автомобили мәмлекет базарына кирип келгенине 11 жыл толды. Дәслепки мәрте «Chevrolet Captiva» автомобилин Өзбекстанда ири тармақлы жыйнаў жумыслары 2007-жылдың октябрь айынан басланған. 2011-жылдың сентябрь ҳәм 2017-жылдың февраль айларында автомобильдиң жаңаланған модели шығарылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги