Өткен екшемби күни пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына бағышланып «Ғәрезсизлик марафоны» сүрени астында  республикалық ғалабалық жуўырыў илажы болып өтти.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети-жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спорт түрлерине тартыўдан ибарат. Илажда аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан жаслар, жоқары оқыў орынларының студентлери, кәсип өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң, улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары қатнасты.

Жарыс жуўмағында 14-20 жас аралығындағы қызлар арасында Нөкис қаласы 27-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы М.Абабекова, ер балалар арасында 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ш.Пирназаров, 20-30 жас аралығындағы қызлар арасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти М.Лемзякова, ер балалар арасында Қараөзек районынан З.Базарбаев биринши орынларды ийелеп, жарыс жеңимпазлары болды.

-Бундай жарысларға турақлы қатнасып киятырман,-дейди жарыс жеңимпазы Мария Лемзякова.- «Ғәрезсизлик марафоны»нда жеңимпаз болыў инсанға өзгеше қуўаныш бағышлайды.

Жуўырыў илажы соңында сыйлы орын ийелери менен белсене қатнасқанлар Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.