Жумыс күни даўамында дем алыўы ушын қанша ўақыт ажыратылыўы керек?

Ҳуқықый мүнәсибет
Нызамшылыққа бола, хызметкерге дем алыў ҳәм аўқатланыў ушын дем алыс бериў ўақты ҳәм оның анық даўамлылығы ишки мийнет тәртиби қағыйдаларына яки хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы келисимге бола белгиленеди.
Демек, хызметкерлер дем алыў ҳәм аўқатланыў ушын бос ўақыттан өз қәлеўине бола, пайдаланыўы мүмкин? Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасы хызметкери Айгерим Арипбаева бул бойынша төмендеги ҳуқықый түсиниклерди берди:
-Өзбекстан Республикасы Конституциясының 45-статьясына бола, ҳәр ким дем алыў ҳуқықына ийе. Дем алыс күниниң түрлери ҳәм даўамлылығы Өзбекстан Республикасы Мийнет кодекси менен белгиленген болып, бул кодекстиң 204-статьясына бола, хызметкерге жумыс күни (смена) даўамында дем алыс ҳәм аўқатланыў ушын даўамлылығы көби менен еки саат ҳәм кеминде отыз минут болған, жумыс ўақтына киргизилмейтуғын дем алыс берилиўи керек.
Сондай-ақ, егерде ишки мийнет тәртип-қағыйдаларында яки мийнет шәртнамасында хызметкер менен жумыс күни даўамлылығы төрт сааттан артпаса, оған бул дем алыс берилмейтуғыны нәзерде тутылыўы мүмкин.
Демек, хызметкерге жумыс күнинде көби менен 2 саат ҳәм кеминде 30 минут дем алыс ҳәм аўқатланыў ушын ўақыт берилиўи керек ҳәм бул дем алыслар жумыс ўақтына киргизилмейди. Бирақ хызметкер күнлик жумысының даўамлылығы 4 сааттан артпаса, дем алыслар берилмейтуғыны нәзерде тутылыўы мүмкин.
Сондай-ақ, Мийнет кодексиниң 205-статьясына бола, хызметкерге дем алыс ҳәм аўқатланыў ушын бос ўақыттан тысқары төмендеги қосымша дем алыслар бериледи:
Соның ишинде, нызамшылықта, санитария нормалары ҳәм қағыйдаларында яки мийнетти шөлкемлестириў мийнет етиўдиң өзине тән өзгешеликлери менен байланыслы, жылдың ыссы яки суўық мәўсиминде ашық ҳаўада салқынлатылмайтуғын яки жабық бөлмелерде ислейтуғын, жүк артыў-түсириў жумысларында бәнт болғанлар ушын арнаўлы бос ўақытлар, баланы аўқатландырыў ушын бос ўақытлар.
Жуўмақлап айтқанда хызметкерге жумыс күни даўамында еки түрдеги дем алыслар (дем алыў ҳәм аўқатланыў қосымша дем алыслар) бериледи. Дем алыс ҳәм аўқатланыў ушын көби менен 2 саат, кеминде ярым саат даўамлылығында жумыс күни даўамында бериледи ҳәм бул дем алыслар жумыс ўақтына киргизилмейди.
Сондай-ақ, қосымша бул дем алыслар жумыс ўақтына киргизиледи.
ӨзА