Мәмлекетимиз басшысына мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 2025-жылда әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берилди.

Шахс тәрбиясының тийкары болған бул буўынларға мәмлекетимиз тәрепинен турақлы итибар қаратылып келинбекте. Аймақларда жаңадан-жаңа билимлендириў орынлары қурылып, қәнигелердиң потенциалы арттырылмақта. Сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары заман талапларына бейимлесип жаңаланбақта.

Мектепке шекемги билимлендириў системасы алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жаңаша раўажланыў басқышына қәдем қойды. Соңғы жыллары балалар бақшаларының саны 8 есеге артып, 38 мыңға, қамтып алыў болса 27 проценттен 76 процентке жетти.

Мәмлекетимизде мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Соңғы жети жылда 5 мыңнан артық мектепте, быйыл 608 мектепте қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары орынланды. Жасларға екинши шет тили ҳәм кәсип үйретиў кеңейтилди. Биринши мәрте 530 мектепте инклюзивлик билимлендириў жолға қойылды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри гезектеги режелер бойынша мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, келеси оқыў жылында 100 ден артық мектеплер шөлкемлестирилип, 257 мың оқыўшы орны ашылады. Мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы халықаралық стандартлар талапларына муўапықластырылады.

Екинши шет тили оқытылатуғын мектеплер 420 ға, кәсип-өнер үйретилетуғынлары 400 ге жеткериледи.

Дүньядағы алдыңғы тәжирийбелер, жаңа усыллар әмелиятқа киргизилмекте. Соның ишинде, быйыл 1 мың 500 улыўма билимлендириў мектебинде жаңа баҳалаў системасы енгизилди. Нәтийжелер таллаўынан келип шығып, бул тәжирийбе және кеңейтиледи.

Муғаллимлерге маманлық категориясын бериўде де санластырылған системаға өтилген. Енди категориясын арттырған педагоглар хошаметленеди, оларға топлаған балына қарап 70 процентке шекем үстеме бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы маманлық сынақлары тәртибин жетилистириў, саламат бәсеки орталығын жаратып, барлық педагогларға теңдей имканият бериў зәрүрлигин атап өтти.

Усы мақсетте кейинги жылдан аймақлардағы маманлық арттырыў орайларында оқыў процесслери өзгертиледи. Онда ҳәр бир муғаллимниң талабынан келип шығып, дифференцияластырылған маманлық арттырыў системасы енгизиледи. Маманлық сынағынан өте алмағанлар айрықша бағдарлама тийкарында қосымша оқытылады. Ўәлаятлардағы 5 Педагогикалық шеберлик орайы заманагөй шараятта жумыс баслайды. Барлық орайлар ситуациялық оқыў техникалары ҳәм виртуал лаборатория менен үскенеленеди.

Билимлендириў шөлкемлерине маман басшыларды тартыў ҳәм жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, қосымша дереклер есабынан, мектеп ҳәм бақшалардың директорлары ҳәм олардың орынбасарларын материаллық хошаметлеў усынысы билдирилди.

Билимлендириў менен тәрбия үзликсиз алып барылады. Өзбекстан Президентиниң быйыл 15-ноябрьдеги қарарына муўапық, оқыўшыларды шақырыққа шекем басланғыш таярлаў системасына итибар күшейди.

Жоқары классларда әскерий ўатансүйиўшилик сабақлары бир саатқа көбейтилди. Усы бағдар муғаллимлериниң абырайын арттырыў ушын оларға әскерий атақ бериў тәртиби белгиленди.

Келеси оқыў жылына шекем бул пән бойынша жаңа сабақлықлар ислеп шығылады, кәсиплик потенциалы жоқары муғаллимлер жумысқа тартылады. Қорғаныў министрлиги менен бирге 208 билимлендириў орайында «Мәртлик мектеплери» шөлкемлестириледи. Бул мектеплерге тәрбиясы аўыр оқыўшылар да қамтып алынады.

Быйылғы жылдың 30-сентябрь күни тараўға тийисли және бир әҳмиййетли ҳүжжет – мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша Президент пәрманы қабыл етилди. Оған муўапық, 2025-жылдан баслап, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасарлары лаўазымы енгизиледи. «Методикалық шеберлик сааты», «Методикалық шеберлик күни» сыяқлы маманлық арттырыў түрлери шөлкемлестириледи.

Келеси жылы 162 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылады, 100 жеке меншик ҳәм шаңарақлық бақша ашылады. Булар арқалы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 78 процентке жеткериледи. Мектепке таярлаў топарлары менен баслаўыш класс бағдарламаларының үзликсизлиги арттырылады.

Президентимиз тараўды барлық аймақларда раўажландырып, улыўма орта билимлендириўдиң сапасын арттырыў, онда, әсиресе, шетки аймақларға айрықша итибар қаратыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА