Президент Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасында қосымша имканиятларды иске қосыў, инвестицияны көбейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў бойынша 2025-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Быйыл Қарақалпақстан ушын берекетли келди, деп айтыў мүмкин. Жаңа санаат кәрханалары, туризм дәргайлары, энергетика қуўатлықлары, IT-парк иске қосылды. Қарақалпақстанды Хорезм менен байланыстыратуғын 423 метрли жаңа автомобиль ҳәм темир жол көпири ашылды. Бул арқалы жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы 180 километрге қысқарды.
323 миллион доллар есабынан жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Усының өзи транзит ҳәм басқа да хызметлер көлеминиң жылына 200 миллион долларға артыўына тийкар жаратады. Жақында 196 километрлик «Мискин-Нөкис» темир жолын электрлестириў жумыслары да басланады.
Аймақта санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўларында 50 ден артық жеңилликлер берилген. Атап айтқанда, инвестициялық жойбарлар ушын тиккелей жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген.
Өзбекстан Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи быйыл Нөкисте өткерилип, аймақтың имканияты көрсетип берилди. Сырт ел инвесторлары ҳәм қәнигелери де сол жерде дәрамат табыў ушын үлкен имканиятлар пайда болғанын айтпақта.
Мәселен, ҳәзирги экономикалық имканият комплексли талланып, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызметлер тараўында 2,5 миллиард долларлық имканиятлар анықланған.
Ҳәзир 87 мың гектар пахтадан орташа 28 центнер зүрәәт алынбақта, 10 районда рентабеллик төмен. Экспертлер бундай кем зүрәәтли пахта майданларын қысқартып, орнына шарўа ушын от-шөп ҳәм гүнжи егиўди усыныс етпекте. Азық-аўқатқа қолайлы егинлер есабынан 6,5 триллион сумлық гөш ҳәм сүт жетистириў, гүнжиден экспортты 500 миллион долларға көбейтиў мүмкин екенлиги есап-санақ етилген. Бул арқалы суў да үнемленеди.
Сондай-ақ, Мойнақтың өзинде кеминде 1 миллиард долларлық туризм жойбарлары ушын имканият бар. Бир пүтин комплекслерди иске қосып, 1 миллион туристке хызмет көрсетиў ҳәм 5 мың халықты дәраматлы етиў мүмкин.
Этно ҳәм экотуризм бойынша да имканиятлар толық иске қосылмай тур. Савицкий музейи, «Шылпық» естелиги, Аяз қала, Топырақ қала сыяқлы 200 ден аслам дыққатқа ылайық орынлар бар. Бул да 3 миллион туристти тартып, бир неше күн айландырыў ушын бағдарлама бола алады.
Усындай имканиятлары болған республиканың жуўапкерлери, район ҳәкимлери ўазыйпасына жеке жуўапкершилигин арттырыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Исбилерменлерге аймақ имканиятын көрсетип, жойбар усыныс етиў, бизнеске жәрдемши болыў керек. Әне, сонда, жаңадан-жаңа жумыс орынлары, қосымша қун ҳәм экспорт болады, адамлардың дәраматы көбейеди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы усындай имканиятларды иске қосыў, инвестиция ҳәм жумыс орынларын көбейтиў бойынша режелерин таныстырды.
Мәмлекетимиз басшысы олардың қурамына итибар қаратты. Атап айтқанда, келеси жыл ушын режелестирилген 3,1 миллиард инвестицияның тек ғана 500 миллион доллары аймақлық жойбарларға туўра келеди.
Соның ушын районлардағы ҳәмме имканиятларды жумсап, бул көрсеткишти көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. Бул ушын қосымша 1 миллиард долларлық аймақлық жойбарлар қәлиплестирилип, 120 кәрхана иске қосылады. Экспорт муғдары 500 миллион долларға жеткериледи.
85 ири кәрхана толық қуўатлылыққа алып шығылады. Сондай-ақ, жаңа кәрханалар, саўда ҳәм сервис майданлары шөлкемлестирилип, 150 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Нәтийжеде жумыссызлық дәрежеси 5,4 процентке түседи. 20 мың жәрдемге мүтәж шаңараққа дәрамат дереги жаратылып, кәмбағаллықты 7,6 процентке азайтыў илажлары көриледи.
Ҳәзирги күнде Қарақалпақстанда 1 гигаваттлы самал электр станциясы қурылмақта. Жәми 9,3 гигаваттлы сондай станциялар қурыў бойынша жойбарлар басланбақта. Бул – жылына 33 миллиард киловатт саат электр энергиясы, дегени. Тәбийғый газ бойынша да қолайлық көп.
Соның ушын металлургия, химия, қурылыс материаллары сыяқлы тармақлардағы көп энергия талап ететуғын ири жойбарларды Қарақалпақстанда жайластырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Аўыл хожалығында да нәтийжелиликти арттырыў зәрүр. Суўғарылатуғын жерлерде жәми 3 мың гектар санаатласқан бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылады. 31 мың гектарда гүнжи, 22 мың гектарда мәш егип, экспортқа бағдарланады. 30 мың гектарда боян тамыр егиў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады.
Булар Қарақалпақстандағы имканиятлардың айырымлары. Оларды нәтийжели иске қосыў аймақтың жедел раўажланыўын тәмийинлейди.
Соның ушын Қарақалпақстанда 3 тийкарғы бағдарды – аўыл хожалығы, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. Бул структура ҳәр бир районның өсиў ноқатларын таллап, қандай егинлерди жетистириў, жерден дәраматты көбейтиўге жәрдем береди. Шийки зат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарлар таярлап, ҳәкимлерге жеткереди. Жаңа туризм бағдарларын ашыў ҳәм оларға инфраструктура алып барыў бойынша усыныслар ислеп шығады.
Жуўапкерлерге инвестициялық жойбарлардың барысы, бәнтлик ҳәм экспорт режелери тәмийинлениўин өз алдына қадағалаў бойынша көрсетпелер берилди. Абырайлы сырт ел экспертлерин тартып, ҳәр бир районды раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.
ӨзА