Өзбек ҳәм тәжик халқы әзелден жақын қоңсы, қуда-тамыр, исенимли дос болып жасаған. Мәденияты, үрп-әдети ҳәм дәстүрлериниң уқсаслығы болса бул байланыслардың беккем болыўына хызмет етип келмекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық, бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар халықларымыздың әсирлер даўамында сынақтан өткен әне сол қатнасықларын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл март айында Тәжикстанға мәмлеетлик сапары әҳмийетли тарийхый ўақыя сыпатында тән алынып, әзелий дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын жаңа мазмун менен байытты. Жоқары дәрежедеги бул сапар етиў сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырды. Исбилерменлер арасында өз-ара пайдалы байланыслар кеңейди. Жақын қоңсышылыққа тийкарланған жумыслардың нәтийжесин Тәжикстан менен шегаралас Сурхандәрья ўәлаяты мысалында да көриў мүмкин.

Быйыл дүньяның оннан аслам мәмлекетлериниң ўәкиллери қатарында тәжикстанлы бир топар илимпазлар ҳәм қәнигелер Термиз қаласында болып өткен «CentraL Asia 2018. Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм бизнес тараўларында Интернет ҳәм мәлимлеме-китапхана ресурслары»XII халықаралық конференциясында, исбилерменлер «Ашық Қубла» деп аталған Сурхандәрья ўәлаятының инвестициялық, экспорт ҳәм туризм потенциалын сәўлелендириўге бағышланған халықаралық бизнес форумға белсене қатнасты. Сурхандәрья ўәлаятының исбилерменлери Тәжикстанның Хатлон ўәлаятында, хатлонлы исбилерменлер Термиз қаласында көргизбе-ярмарка өткерди.

– Хатлон ўәлаятында өнимлеримизге қызығыўшылық үлкен болды, – дейди Саўда-санаат палатасы ўәлаятлық аймақлық басқармасының баслығы Б.Мардаев. – Термиз қаласында болып өткен көргизбе-ярмаркада тәжик досларымыз ислеп шығарып атырған қурылыс материаллары көпшиликке мақул болды. Бул илажларда еки тәреплеме бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумына ҳәм шәртнамаларға қол қойдық. Әзелий дослық, туўысқанлық және өз-ара исенимге тийкарланған бул илажларымыз хатлонлы ҳәм сурхандәрьялы исбилерменлердиң саўда байланысларын раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе екени менен итибарға ылайық.

Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигинен алынған мағлыўматларға қарағанда, ўәлаят исбилерменлери Тәжикстанға арзан, сапалы керамика буйымларын, қус мәйегин ҳәм басқа да зәрүр затларды, азық-аўқат өнимлерин экспорт етпекте.

– Кәрханамыз заманагөй сырт ел инвентарьлары менен үскенеленген, – дейди «Сурхан Термиз Чинни» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Р.Неъматуллаев. – Жергиликли ҳәм қоңсылас мәмлекетлердиң базарын үйренип, 45 түрдеги арзан, сапалы керамика буйымларын ислеп шығармақтамыз. Тәжикстанлы шериклердиң буйыртпасы тийкарында қоңсылас мәмлекетке де сулыў керамикалық өнимлеримизди жеткерип бергенимизден қуўанышлымыз. Қарыйдарлардың усынысын үйренип, керамика буйымларының сапасына ҳәм нағысларына айрықша итибар қаратпақта.

Сурхандәрья ўәлаятында елимизди Тәжикстан Республикасы менен байланыстыратуғын еки қадағалаў пункти жумыс алып бармақта. Енди қоңсылас мәмлекеттиң пуқаралары Сурхан үлкесинде, сурхандәрьялылар болса Тәжикстанда туўған-туўысқанларының, дос-яранларының той-тамашалары ҳәм басқа да мәресимлерине қатнаспақта. Муқаддәс орынларда емин-еркин зыярат етпекте.

Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмонның Өзбекстанға мәмлекетлик сапары қатнасықларымызда айрықша әҳмийетке ийе, байланысларды, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

ӨзАның хабаршысы