Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 26-июль күни сырт ел инвестицияларының қатнасындағы жойбарларды әмелге асырыў, бул бағдардағы кемшиликлерди сапластырыў, инвестицияларды өзлестириўди жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар ҳәм көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзэлтехсанаат» акционерлик компаниясы ўәкиллеринен ибарат делегация жақында Қубла Корея Республикасында болып қайтты.
Сапардың жуўмақлары бойынша Ташкентте брифинг шөлкемлестирилди.
Өзбекстан ҳәм Корея бирге ислесиўи раўажланбақта. Елимизде усы елдиң капиталының қатнасыўында көплеген кәрханалар жумыс алып бармақта. Бул кәрханалар нефть-газ, химия, автосанаат, электротехника ҳәм тоқымашылық тараўларында, информация-коммуникация технологиялары, транспорт ҳәм логистика, туризм бағдарларында табыслы жумыс алып бармақта. Корея Республикасы халықаралық бирге ислесиў агентлиги және Корея экспорт-импорт банки елимизде бир қатар жойбарларды әмелге асырмақта. «Samsung», «LG» сыяқлы ири корпорациялар елимизде қоспа кәрханалар шөлкемлестирмекте. Атап айтқанда, «Samsung-Electronics» компаниясы жергиликли «Artel» компаниясы менен биргеликте турмыслық техника қуралларын ислеп шығармақта. Быйыл Қубла Кореяның «Kiturami» компаниясы менен ысытыў қазанларын ислеп шығарыў жолға қойылды.
Журналистлерге Қубла Кореядағы ири санаат кәрханалары ҳәм олардың ўәкиллери менен болып өткен сөйлесиўдиң нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди. Делегация Кореядағы ири электротехника санааты кәрханалары басшылары, инвесторлар менен ушырасыўлар өткерип, өз-ара пайдалы келисимлер бойынша сөйлесиўлер алып барғаны атап өтилди. Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан ҳәм Корея арасында электротехника санаатын раўажландырыўға байланыслы мәселелерде келисимлерге ерисилген. Өз гезегинде кореялы исбилерменлер елимизде жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар усынысларды билдирген.
Делегация ағзалары хызмет сапары даўамында онлайн режиминдеги электр, газ, ыссы ҳәм суўық суў есаплағышларын ислеп шығаратуғын «Dongho Cosmo» компаниясы ҳәм оған шерик болған басқа да санаат кәрханаларына сапар етип, еки тәреплеме әмелий сөйлесиўлер алып барды. Бәринен бурын, кәрхананың өндирислик қуўатлары менен танысты. «Өзэлтехсанаат» АК, Әндижан ўәлаяты ҳәкимияты ҳәм «Dongho Cosmo» компаниясы арасында келисимге қол қойылды.
Сондай-ақ, компания ўәкиллери Корея электротехника санааты өнимлерин ислеп шығарыўшылар ассоциациясында да болып, елимиздиң инвестициялық орталығы ҳаққында мағлыўмат берди.
Сапар етиў шеңберинде Электротехника өнимлери кооперациясы (КЕМС) менен сөйлесиў алып барылды. Бул шөлкемниң қурамында 540 электротехника кәрханасы бар. Олар таяр өнимлер ушын жаңа базарларды изеп табыў, өнимлерди арзан баҳаларда ислеп шығарыў ушын жоқары сапалы шийки зат ҳәм структуралық бөлеклерди тәмийинлеп бериў менен шуғылланды.
Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан ҳәм Корея арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, соның ишинде, транспорт-логистика тараўында, жаңа санаат өнимлерин ислеп шығарыўда әмелге асырылап атырған перспективалы жойбарлар жақын келешекте жоқары нәтийже беретуғынына исеним билдирилди.
Делегация ағзалары, сондай-ақ, жазыў платаларын ислеп шығаратуғын «Ki Joo Industrial Ltd» кәрханасы, қуяш панеллерин ислеп шығарыўшы «Hi Group» сыяқлы ири санаат кәрханаларының басшылары менен қызғын сөйлесиўлер алып барды.
Нурилла НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы