18-19-август күнлери Өзбекстанда улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи. Бул ҳаққында Қурбан ҳайт байрамын белгилеў ҳәм шембилик өткериўге арналған видеоселектор жыйналысында Бас министр А.Арипов мәлим етти, деп жазады Daryo.uz сайты.

Өзбекстан экологиялық ҳәрекети ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги улыўма халықлық шембилик мүнәсибети менен орынлардағы халықтың дем алыў орынларында шембилик өткериў басламасын көтерген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги