Астана қаласында «Қазақстан сырт ел ғалаба қуралларының көзқарасында» V халықаралық таңлаўдың жуўмақларына бағышланған илаж болып өтти. Онда Қазақстанға бағышланған дөретиўшилик жумыслары менен қатнасқан бир қатар ғалаба хабар қураллары арасында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги жәмийети де жеңимпаз сыпатында тән алынды.

Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен Қазақстан бас редакторларының клубы менен биргеликте дәстүрлий тәризде өткерилип киятырған таңлаўда быйыл Уллы Британия, Россия, Польша, Әзербайжан сыяқлы 20 дан аслам елден тоқсанға шамалас ғалаба хабар қуралы 300 ден аслам дөретиўшилик жумысы менен қатнасты. Таңлаў жуўмағында дүньяның бес регионы бойынша жеңимпазлар анықланды.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Халықаралық мәлимлеме редакциясы таңлаўға Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары, көп қырлы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайына ҳәм перспективаларына байланыслы бир қатар мақалаларды усынып, Орайлық Азия ҳәм Балтықбойы еллериниң арасында жеңимпаз деп табылды.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы қатнасықлар стратегиялық шерикликке тийкарланады. Бир тарийх, дин ҳәм улыўмалық сәўлеленген турмыс тәризи, мәдений жақынлық ҳәм уқсаслық бүгинги бирге ислесиўди және де раўажландырыў имканиятын бермекте. Президентлеримиз арасындағы турақлы сөйлесиўлер, 2018-жыл Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланыўы еки ел тарийхында шерикликтиң жаңа дәўирин баслап берди.

Таңлаўда британиялы журналист Жили Пикап «Country and Townhouse» журналында Қазақстанға сапары ҳаққында гүрриң ететуғын мақаласы ушын Европа регионы бойынша жеңимпазлықты қолға киргизген болса, Америка еллери арасында АҚШлы Стефен Липовцевтиң мақаласы төрешилер тәрепинен айрықша тән алынды.

Жақын  Шығыс ҳәм Африка мәмлекетлеринен қатнасқан  журналистлер арасында иорданиялы Айман Абдулҳафиз аз-Забаниздиң Қазақстан сыртқы сиясаты ҳәм Астана қаласының 20 жыллығына бағышланған дөретиўшилик жумыслары жоқары баҳаланды.

Қазақстан тарийхы, қала қурылысы, елдиң экономикалық раўажланыўы «Астана: пайтахттың өзине тән тартымлылығы ҳәм заўқы бар» мақаласында сәўлеленген болып, оның авторы ҳиндстанлы журналист Индервир Синх болып табылады. Орайлық Азия еллери ҳаққында мағлыўмат беретуғын «Bussiness Central Asia» журналында басып шығарылған бул мақала Азия, Австралия ҳәм Океания еллери арасында жеңимпаз, деп табылды.

Таңлаў шеңберинде жеңимпазлар Қазақстанның Астана, Алмата қалалары ҳәм Бурабай курорт зонасына сапар шөлкемлестирди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы