Усы жылдың 13-август күни Сурхандәрья ўәлаятындағы 1 жоқары оқыў орнында тест сынақлары болып өтти. Соның менен, Өзбекстандағы барлық 60 жоқары оқыў орны ҳәм олардың 19 филиалларында тест сынақлары табыслы жуўмақланды. Бул ҳаққында Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакимовқа тийкарланып, Хушнудбек Худайбердиев хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, жоқары оқыў орнына кириў ушын жеткиликли балл топлай алмаған абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарын қызықтырған арттырылған төлемли контракт (суперконтракт) муғдары ҳаққындағы мағлыўмат 2018-жыл 15-августта Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң сайтларында жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги