Ташкент қаласында 19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши жалпы мәжлиси болып өтти.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Илажды Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев ашып берди.
Мәмлекетимиз гимни жаңлады.
Жалпы мәжилис жумысын шөлкемлестириў ушын секретарият ҳәм электрон даўыс бериўди қадағалаў бойынша топар дүзилди, күн тәртиби тастыйықланды. Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Олий Мажлис Сенатына сайлаў нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берди.
Бул процесс жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм раўажландырылған миллий сайлаў нызамшылығына бола, ашық-айдын ҳәм әдалатлы өткени атап өтилди. Тийкарғы нызамымызға муўапық, Сенат ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар районлар ҳәм қалалар мәмлекетлик ҳәкимияты ўәкилликли уйымлар депуталарының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан теңдей муғдарда -4 адамнан сайланды. Және 9 сенатор Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен тайынланды.
Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа қурамдағы Сенат ағзаларын жоқары исенимге ийе болғаны менен қызғын қутлықлады.
Жоқары палатаның алдыңғы қурамы мәмлекетимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосқаны атап өтилди. Кейинги бес жылда жоқары палата тәрепинен 106 рет есабатлар тыңланған, атқарыўшы уйымларға 1 мың 300 сораў киргизилген. Парламенттиң халықаралық майдандағы абырайыда сезилерли дәрежеде артқан. Өткен дәўирде сырт мәмлекетлер менен парламентлераралық дослық топарлары саны 26 дан 73 ке шекем жеткен.
Конституциялық реформалар нәтийжесинде Сенат қурамы ықшамласып, оның ағзаларының саны 100 ден 65 ке қысқарды. Ҳәзирги ўақытта сенаторлардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги бир неше есеге артты. Атап айтқанда, жоқарғы палатаның парламентлик қадағалаў ҳәм бир қатар әҳмийетли мәмлекетлик уйымларын қәлиплестириўдеги қатнасы сезилерли түрде кеңейтилди. Сенатқа да нызамшылық усынысын киргизиў ҳуқықы берилди.
Президент бүгин дүньядағы жағдайға жыйналғанлар итибарын қаратып, тынышлық ҳәм бирликтиң әҳмийетин атап өтти.
– Мине усындай оғада қәўетерли жағдайда биз тек ғана күшли шыдамлылық, бирлик ҳәм аўызбиршилик, қатты мийнет пенен ғана елимизде тынышлық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге ерисе аламыз. Ҳүрметли сенаторларымыз, жергиликли кеңеслерге сайланған депутатларымыз, әне, усы өткир ҳақыйқатты, өзиндеги үлкен жуўапкершиликти терең аңлап жумыс алып барады, деп исенемен, -деди Шавкат Мирзиёев.
Бул факторлар ҳәммеден өз жумысын баҳалап, оны пүткиллей жаңадан шөлкемлестириўди талап етпекте. Усы мүнәсибет пенен, Сенат алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Бириншиден, нызамларды додалаўда жаңа механизмлерди енгизиў керек. Әсиресе, нызам орынланыўы процесине жергиликли кеңеслерди кеңнен тартыў, ҳәр бир нызам бойынша олардың пикирин алыў әмелиятын жолға қойыў жүдә әҳмийетке ийе. Ең әҳмийетлиси, нызамларда аймақлық ҳәм улыўма мәмлекетлик мәплер үйлесиўине ерисиў керек.
Екиншиден, жергиликли кеңеслер жумысына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў Сенаттың тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек. Белгили болғанындай, енди халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала Кеңеслерине ҳәкимлер емес, ал депутатлар арасынан сайланған кеңес баслықлары басшылықетеди. Сондай-ақ, Кеңес сораўы ҳәм Кеңес тексериўи сыяқлы жаңа механизмлер арқалы аймақлық орынлаўшы уйымлар жумысы үстинен қадағалаў күшейтиледи. 2026-жылдан баслап районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине де ҳәкимлер басшылық етпейди.
Бул илажлар мәмлекетимизде мәмлекетлик басқарыўды төменги буўынға түсириў, оларды халыққа жақынластырыў процесслери артқа қайтпас түрге енгенинен дерек береди.
Үшиншиден, жергиликли Кеңеслер министрлик ҳәм уйымлардың төменги буўынлары, әсиресе, районлық ҳәм қалалық бөлимлери менен орынларда жаңа көз қарас тийкарында жумыс алып барыўы талап етиледи.
Район ҳәм қалалар бюджети мүнәсибетлеринде де жергиликли кеңеслер жүдә үлкен ўәкилликлерге ийе. Буннан ақылға уғрас пайдаланып, халықты қыйнап атырған мәселелерди шешиў, Сенат болса бул бағдарларда жергиликли кеңеслерге жәрдемлесип барыўы керек.
Төртиншиден, жаңаланған Конституциямызда Сенатқа жергиликли Кеңеслердиң қарарлары нызамшылыққа муўапық болатуғынын тәмийинлеў бойынша үлкен жуўапкершилик жүклетилген. Сенат бул бағдарда ашықлық ҳәм жәриялылықты, нызамлылықты тәмийинлеў бойынша нәтйжели система жаратыўы керек.
Бесиншиден, Сенат комитетлери- жоқары палатаның жүреги, ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Сол себепли, комитетлердеги еситтириў институты тийкарларын нызам дәрежесинде беккемлеп қойыў ўақты келди.
Алтыншыдан, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў бойынша бағдарлама ҳәм режелерди толық жүзеге шығарыўда сенаторлардың қатнасыўы жүдә әҳмийетли.
Жетиншиден, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша парламентлик қадағалаўды, пүткил жәмийетимиз қатнасыўын және де күшейтиў керек. Сенат халқы ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын жоқарылатыў, жәмийетте коррупцияға маўасасызлық орталығын қәлиплестириў, жас әўлад санасына нызамға ҳүрмет, туўрылық ҳәм ҳадал мийнет түсиниклерин сиңдириў бойынша анық илажлар ды ислеп шығыў керек.
Сегиншиден, Сенат тәрепинен Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын сайлаў системасы жолға қойылғаны суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Бунда Сенат тек ғана талабанларды тастыйықлаў менен шекленип қалмай, олардың жумысы менен танысып, нәтийже бериў әмелиятын жолға қойыў керек.
Мәжилисте шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылды.
Президент Шавкат Мирзиёев Конституциямыздың 101-статьясына муўапық Олий Мажлис Сенаты Баслығы лаўазымына талабан усынды.
Жасырын даўыс бериў арқалы Олий Мажлис Сенаты Баслығы лаўазымына Танзила Нарбаева сайланды. Сондай-ақ, Сенат Баслығының биринши орынбасары лаўазымына Содиқ Сафоев, Сенат Баслығының орынбасары лаўазымына Аманбай Орынбаев сайланды.
Күн тәртибине муўапық, Сенатта 7 комитет ҳәм бир комиссия дүзилди. Талқыланған мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарлары қабыл етилди.
ӨзА