«Еркин Қарақалпақстан» газетасы балалығымның гүўасы болды, десем лап болмайды. Себеби, үйимизге ҳәпте сайын оғада көп газета-журналлар почтальон тәрепинен алып келинетуғын еди. Солардың арасынан бул газетаны мен қызығыўшылық пенен оқыйтуғын едим. Ата-анам маған «Жеткиншек»ти оқы,-дейди, мен барлық газеталарды оқыўға ҳәрекет ететуғын едим. Мен ҳәр дайым газетаны төртинши бетинен баслап оқыўға әдетленгенмен.
Мен бул газетада ислемесем де әмелият өтеп, журналистика тараўында жол таўып кетиўим ушын мектеп болды, десем қәтелеспеймен. Үш жыл даўамында усы газетада әмелият өтедим.
Ҳақыйқаттан да, Өмирбай ағаны көпшилик қәлеми өткир журналист сыпатында тән алады. Мен де солай. 1995-жылы 2-курста оқып жүрген ўақытларымызда журналистика бөлими студентлери менен «Еркин Қарақалпақстан» газетасының хызметкерлери ушырасыў өткерип, онда хызметкерлер өзлерине бир-еки шәкирт таңлап алатуғын болды.
Атажан аға Халмуратов, Есенбай аға Ерманов, Өмирбай аға Өтеўлиев, Оразбай аға Сәтбаев, Артықбай аға Камалов ҳәм басқа да журналистлер келди. Ҳәмме өзлерине шәкирт таңлап атыр. Өмирбай аға 3-курстан Сағындық Жәниевти, 2-курстан мени танлап алатуғынын айтты. Расын айтсам бул мен ушын күтилмеген таңлаў еди. Өмирбай ағанын шәкирти болыў оғада үлкен жуўапкершиликти талап етеди, деп түсинетуғын едим. Сағындық екеўимиз Өмирбай ағаның изине ерип Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ районларына дөретиўшилик сапарға бардық. Мойнаққа барғанда «Қараман қақпаншы»ның үйине бардық. Қараман аға дым кем сөзли инсан екен. Бирақ Өмирбай аға да, мен де оның менен жақсы сөйлесе алдық. Кемпири ҳайран қалды ҳәм Өмирбай ағаның «Қараман қақпаншы» мақаласы жарық көрди.
Әмелият өтеп атырған ўақытларымда «Вулканизатор» деген мақалам жарық көрди. Өмирбай аға газетада бул бағдарда материал улыўма шықпаған еди, деп маған және де мотивация берди. «Мәртебели Ниязгүл» атамасындағы мақаламның жарық көриўинде Өмирбай ағанын үлеси көп болды. Жийде менен көк шай ишип, гүрриңлесип отыратуғын едик. Мен Өмирбай ағадан журналистиканың көп сырларын үйрендим.
4-курста Артықбай аға Камаловтың басшылығында әмелият өтедим. Ол инсан энергетика, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары бағдарында жазыўды үйретти. Мойнақ районына дөретиўшилик сапарға барып, «Аўҳалың қалай қаражарлылар», «Төрт баў жыңғыл әкелген еди» сыяқлы сын мақалаларымды жазып келдим, бирақ газетаға бериўге қорқаман дедим. Сонда Артықбай аға: -Қорқақ адам журналист бола алмайды, деди ҳәм усы мақалаларымның жарық көриўине себепши болды. Нәўбетшилик ўақытларында қасында қалып газетаның шығыў процесслерин де үйрендик. Ол ўақытлары газета түнде шығатугын еди. Бирақ бизлер ҳеш қыйналмай нәўбетшиликти бирге атқарып жүретуғын едик. Мен ол инсанларды әкемдей көремен. Устаз болып жол көрсеткенлерине миннетдарман.
5-курста Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң улыўма бөлиминде әмелият өтедим. Бул бөлимге барлық тараўдың есабатлары келеди екен. Мен усы жерден мағлыўматлар алып аўыл хожалығы бойынша ҳәптеде үш мәрте мақалам шығатуғын еди. Сонда ол жердегилер сиз азанлы кеш усы жерде болып мыналарды калай жазып атырсыз, деп ҳайран қалатуғын еди.
Газетада пидайы инсанлар мийнет еткени ҳәм ҳәзирги ўақытта да етип атырғаны анық. Бул газетаның халқымыздың руўхый турмысында орны гиреўли.
Дилбар Аманлепесова,
журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги