Ассалаўма алейкум, ҳүрметли депутатлар!

Қәдирли мәжилис қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди күшли бәсеки, қызғын сиясий гүрес ҳәм ашық айдынлық орталығында өткен сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты деген абырайлы статусқа ийе болғаныңыз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бул жоқары исеним- сизлердиң билим ҳәм турмыслық тәжирийбеңиз, елимиз раўажланыўы, елимиз абаданлығы жолында киятырған пидайы мийнетиңизге халқымыздың үлкен ҳүрметке ийе екенлигиниң үлгиси болып есапланады.

Ҳәр қандай сайлаў мәмлекет ҳәм жәмийет ушын әҳмийетли сиясий процесс екенин барлығымыз жақсы түсинемиз. Әсиресе дүньядағы бүгинги кескин ҳәм қәўипли жағдайда бундай улыўма халық илажларын өткериў және де үлкен жуўапкершилик талап етеди.

Өзиңиз көрип атырсыз, түрли регионларда урыс ҳәм жәнжеллер, қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер ҳәўиж алып бармақта. Айырым халықлар ушын бир күнди, бир минутты тыныш  өткериў арзыў-әрманға айланбақта.

Әне усындай оғада беккем дәўирде сайлаўларды тынышлық шараятында, еркин өткергенимиз елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылықтан дерек береди. Барлығымыз бул бийбаҳа байлығымызды көз қарашығымыздай етип қәстерлеп-сақлаўымыз ҳәм беккемлеўимиз керек.

Сырт ел шөлкемлери ҳәм бақлаўшылары да болып өткен сайлаў процесслери халықаралық стандартларға толық сәйкес түрде өткенин көрсетип, оларға жоқары баҳа бергенин атап өтиўимиз керек.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Быйылғы парламент сайлаўларының әҳмийетли тәреплери ҳаққында тоқтап өткенде, бәринен бурын, олар жаңаланған Конституциямызға муўапық өткерилген биринши сайлаў сыпатында тарийхқа киргенин атап өтиўди қәлеген болар едим.

Әйне усы тийкарда ҳуқық ҳәм кепилликлери сезилерли дәрежеде күшейген, жуўапкершилиги бир неше есеге артқан жаңа халық ўәкиллиги системасы қәлиплестирилди. Енди, жаңа қурамдағы Олий Мажлис өз жумысын нәтийжелиликке бағдарлап, нызамлы ўәкиллеринен анық мақсет жолында, нәтийжели пайдаланыў үстинде қатаң жумыс алып барыўы керек.

Екиншиден, Жаңа Өзбекстанды қурыўға кирискенимизге сегиз жыл болды. Бул дәўирде халқымыздың сиясий ой-пикири түпкиликли өзгерди, сиясий мәденияты сезилерли дәрежеде жоқарылады. Сиясий партиялардың жәмийетлик турмыстағы роли ҳәм қатнасы күшейди.

Булардың барлығы аралас сайлаў системасын енгизиўге беккем тийкар жаратты. Көплеген мәмлекетлерде бундай реформаларды өткериў ушын он жыллар керек болған.

Усы мәнисте, Өзбекстан аралас сайлаў системасын қысқа ўақыт ишинде, исенимли енгизиўге ерискен аз санлы мәмлекетлерден бири, деп айтыўға мүнәсип болып табылады.

Болып өткен сайлаўлар бул система сиясий партиялар жумысын арттырғаны, олар арасында күшли бәсеки ушын кең ҳәм тең шараят жаратқанын айқын көрсетти.

Жаңа система –ҳәр бир сайлаўшының даўысы Нызамшылық палатасындағы депутатлық орны ушын әҳмийетли екенлигин, бул бағдарда әдиллик принципи және де күшейгенин де көрсетти.

Үшиншиден, сайлаўлар толық ашықлық, ашық-айдын ҳәм жәриялылық орталығында өтти. Көплеген заманагөй технологиялар да бул процессте әҳмийетли рол ойнады. Соның ишинде, сайлаўдың барлық басқышлары толық санластырылып, “E-sаylov” мәлимлеме системасы енгизилди. Даўыс бериў процесслерин онлайн бақлаў имканияты жаратылды, биринши рет электрон даўыс бериў сынақтан өткерилди.

Сайлаўларды Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы сыяқлы 13 арнаўлы халықаралық шөлкем, 40 тан аслам мәмлекеттен 850 сырт ел ҳәм 65 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының мыңнан аслам ўәкиллери бақлап барды.

Оларға сайлаў процесслери ҳаққындағы қалыс пикирлери ҳәм усыныслары ушын өз атымнан, пүткил халқымыз атынан миннетдаршылық билдиремен. Биз бул усыныслардың ҳәр бирин терең үйренип, әмелиятта қолланыў илажларын көремиз.

Төртиншиден, Орайлық сайлаў комиссияның еркинлиги сезилерли күшейгени, профессионал сайлаў уйымлары шөлкемлестирилгени сайлаўлардың ҳақыйқый түрде өтиўинде әҳмийетли роль ойнады.

Сайлаўлар нызамшылық талаплары ҳәм халықаралық стандартларға толық түрде сәйкес өтетуғынын тәмийинлеген барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары, атап айтқанда, Орайлық сайлаў комиссиясына айрықша рахметимди айтпақшыман.

Улыўма, сайлаўларда 15 миллионнан аслам халқымыз, жәми сайлаўшылардың дерлик 75 проценти белсене қатнасқаны олардың алып барып атырған реформаларымызға болған жоқары исенимин және бир рет тастыйықлады, десем, пикиримие қосыласыз деп ойлайман.

Әзиз дослар!

Сайлаўлар нәтийжесинде Нызамшылық палатасы қурамы дерлик 60 процентке жаңаланып, 87 жаңа депутат сайланды. Депутатларымыздың 11 – 7,5 проценти 35 жасқа шекемги болқаны, биринши рет жаслар парламентиниң 2 ўәкили Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланғаны бәршемизге қуўантырады.

Әсиресе, депутатлардың 38 процентин яки 57сын  ҳүрметли ҳаял-қызларымыз қурағаны – региондағы ең жоқары көрсеткиш болып, әлбетте қуўанышлы нәтийже болып есапланады. Ҳаял-қызларымыздың мәмлекет басқарыўындағы қатнасы күшейгени жәмийетимиз раўажланыўына унамлы тәсир көрсете баслағанын өмирдиң өзи тастыйықламақта.

Биз ҳүрметли ҳаял-қызларымызды, ерк-ықрары беккем жасларымызды қоллап-қуўатлаўды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз.

Тарийхымызда биринши рет майыплығы болған пуқарамыз Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланды. Бул парламентмизди шын мәнисте инклюзив уйымға айландырып, усы қатлам мәплерин және де кеңнен аңлатыў имканиятын береди, десек, дурыс болады.

Жаңа қурамда қайта сайланған 63 депутатымыз да бар. Бул парламент ишинде ажыралмас ҳәм профессионализмди тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Сайлаў кампаниясы дәўиринде партиялар қатаң таярлық, анық идея ҳәм бағдарламалар менен майданға шыққанына гүўа болдық.

Партияларымыз алға қойған ҳәм халқымыз қоллап-қуўатлаған ҳәр бир усынысты биз әлбетте көрип шығамыз ҳәм әмелге асырамыз.

Мен Исбилерменлер ҳәрекети –Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының жеке мүлкке қол қатылмаслықты күшейтиў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳаққындағы усынысларды қоллап-қуўатлайман.

Партияның бизнес жүргизиўин және де апиўайыластырыў мақсетинде мыңға жақын бюрократиялық талапларын бийкарлаў, лиценция, рухсатнама ҳәм басқа шеклеўши ҳүжжетлер санын 2 есеге азайтыў, мәмлекетлик сатып алыўларда киши бизнестиң қатнасыўын және де кеңейтиў ҳаққындағы усыныслары да дыққатқа ылайық.

Турмыс сынағынан өткен бир ҳақыйқатты естен шығармаў керек. Жедел экономикалық раўажланыўынымыз, келешегимиз исбилерменлик раўажланыўына байланыслы. Сол себепли, партия исбилерменликке және де кең жол ашып бериў бойынша алып барып атырған реформаларымызда белсенди болып, жаңа-жаңа басламалар менен шығатуғынына исенемен.

«Миллий тикланиш» демократиялық партиясының мектеплерде муғаллимлерди танлаў тийкарында жумысқа қабыллаў ҳаққындағы усынысына қосыламан.

Мен илим, билимлендириў, муғаллим бул – раўажланыў гилти, деп қайталаўдан шаршамайман. Неге дегенде, барлық реформаларымыз, тәғдиримиз  ҳәм келешигимиз, бәринен бурын, мектепке шекемги, муғаллим ҳәм устазларға, улыўма, билимлендириў тараўының раўажланыўы менен тығыз байланыслы.

Партияның перзентлеримизди миллий қәдириятларымыз руўхында  тәрбиялаў, оларға ана тили ҳәм шет тиллерин үйретиў ушын және де кең шараятлар жаратыўға байланыслы усыныслары да  әлбетте әҳмийетли. Саррас, усы жол менен жас әўладымызды заманагөй пикирлеўге ийе бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў ушын беккем тырнақ қойған боламыз.

Өзбекстан  Халық демократиялық партиясының майыплығы болған шахслар ушын шараятларды  және де жақсылаў бойынша билдирген усынысларына толық қосыламан.

Бул партия халқымыздың пенсияға шығыўдағы кепилликли хуқықларын және де беккемлеў бойынша жақсы басламаларды алға қойды. Пенсия системасын реформалаў бағдарында Ҳүкиметлик жумысшы топары бул усынысларды партия ўәкиллери менен қысқа мүддетте көрип шығады.

«Адолат» социаллық-демократиялық партиясының дем алыў парклери, балалар майданы, қыябанларды меншиклестириўди қадаған етиў бойынша позициясы да көпшиликтиң кеўлиндеги гәп болды.

Дәри-дәрмақлар үстинен қадағалаўды күшейтиў, баҳаларды жасалма артыўының алдын алыў, рецептсиз дәри-дәрмақлардың дизимин қысқартыў бойынша партия өзиниң роли ҳәм  жуўапкершилигин арттырыўға қарар еткени маған мақул.

Адамларымыз бүгин дәри-дәрмақлардың баҳасынан разы, деп айта алмаймыз. Партия усы мәселени айрықша қадағалаўға алып, улыўма, денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў бағдарында да белсендилик көрсетеди, деп үмит етемен. Себеби, биз қурып атырған социаллық мәмлекетте халықтың ең әҳмийетли мүтәжликлери менен байланыслы мине усындай мәселелерде әдилликти тәмийнлеў шешиўши орын тутады.

Экологиялық партияның мәмлекетлик уйымлар ҳәм кәрханалар аймағында жасыл бағлар шөлкемлестириў,экологиялық мәдениятты жоқарлатыў бойынша бағдарлама қабыл етиў ҳаққындағы усыныслары да орынлы.

Экология мәселеси пүткил дүньяда ең әҳмийетли машқалаға айланып  баратырғанын  жақында  Бакуде болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми саммити да көрсетти.

Биз Экологиялық партия ҳәм оның тәрепдарларынан бағдарлама қабыл етиў  менен бирге  елимизде саламат тәбийғый орталық жаратыўға, әсиресе, ҳаўа тазалығын тәмийинлеўге қаратылған әмелий жумыслар  ҳәм тәсиршең нызамларды күтип қаламыз.

Улыўма, партиялар ҳәм депутатларымыз сайлаўалды бағдарламаларында өзлери алға қойған, әне, усындай әҳмийетли басламаларды нызам менен беккемлеп, оларды әмелге асырыў ушын үлкен  күш-ғайрат пенен жумысқа кирисиўи зәрүр.

Ҳүрметли депутатлар!

Өткен бес жыл даўамында төменги палатамыз нәтийжели жумыс көрсетти, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Бәринен бурын, парламентимиздиң төртинши шақырық депутатлары мәмлекетимиздиң  келеси раўажланыў бағдарын белгилеп берген Тийкарғы нызамымызды жаңа редакцияда таярлаў ҳәм қабыл етиўде белсендилик көрсетти ҳәм бул Жаңа Өзбекстан хроникасында жарқын тарийхый ўақыя сыпатында мөрленген.

Төменги палата тәрепинен 130 дан аслам жаңа ҳәм тутас нызамлар қабыл етилди. Бул алдынғы дәўирге салыстырғанда 1,5 есеге көп.

Булардың барлығы елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды беккемлеў ҳәм жәнеде жеделлестириўге үлкен әҳмийетке ийе, десек, әдалатлы болады.

Пурсаттан пайдаланып, өткен шақырықта жумыс көрсеткен депутатларға нәтийжели мийнетлери ушын шын жүрегимнен миннетдаршылық билдиремен.

Әлбетте, парламентимиздиң жумысында жетискенликлер менен бирге, итибардан шетте  қалған мәселелер де болды. Олардың айырымларына тоқтап өтпекшимен.

Биринши мәселе. Нызам жойбарларының сапасы бойынша келиспеўшиликлер бар екенлигине көз жумып болмайды. Тиккелей ислейтуғын ҳәм анық атқарыў механизмлерине ийе нызамлардың үлеси кемлигинше қалмақта.

Биз Парламент изертлеўлери институтын Нызамшылық палатасына өткергенимиз бийкарға емес. Енди, депутатлар институт пенен белсене ислесип, машқалаларға  илимий-әмелий шешим табыўы, бул бағдардағы усынысларын нызамшылық  басламасы дәрежесине алып шығыўы керек.

Екинши мәселе.  Парламентлик қадағалаў толық тәсиршең институтқа айланды деп ҳәзирше айта алмаймыз.

Ашығы, парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаў социаллық тараў менен шекленип қалмақта. Нызамшылық палатасы экология, азық-аўқат қәўипсизлиги, санаат, хызмет көрсетиў, инвестиция, экспорт, миграция сыяқлы мәселелерге де айрықша итибар қаратыўы зәрүр, деп есаплайман.

Мәселен, 2030-жылға шекем жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериўди реже еткенбиз. Усы мақсетте, келеси жылы ҳәр бир районда кең  жәмийетшиликтиң қатнасыўында  экологиялық паспортлар ҳәм экологиялық рейтинг ислеп шығылады, ири кәрханалардың экологиялық ислеп шығарыўға өтиўин қоллап-қуўатлаў системасы енгизиледи, шығындыларды қайта ислеў бойынша улыўма баҳасы 1 миллиард 300 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў басланады.

Депутатларымыз бул бағдарларда жуўапкер уйымлардың алдына анық тапсырмалар қойып, олардың орынланыўын қадағалаўға алса, экологиялық теңсалмақлылық турақлылығына үлкен үлес қосқан болады.

Және бир мәселе.  Депутатлардың сайлаў округындағы жумысы тийкарынан ушырасыўлар шөлкемлестириў, шағымлар ҳәм сораўларға рәсмий жуўап бериў менен шекленип қалмақта.

Мысал ушын,  реформаларымыздың әҳмийетли бөлеги болған кәмбағаллықты қысқартыў мәселесинде депутатларымыз еле өз орнын таба алғаны жоқ.

Биз жақында «Кәмбағаллықтан абаданлыққа» бағдарламасын қабыл етип, 2025-жылы 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша үлкен шек алдық. Бул мақсетлерге 46,5 триллион сум бағдарланады. Буннан тысқары, 100 мың гектар жер дийқаншылық ҳәм бағшылық шөлкемлестириў ушын 200 мың кәмбағал шаңараққа ижараға бериледи.

Мине усындай, үлкен ўазыпаларды әмелге асырыўда депутатларымыз өз округлеринде ең белсенди қатнасыўшы ҳәм үгит-нәсиятлаўшы болыўы зәрүр, деп ойлайман.

Кәмбағаллық дәрежесине түсип қалған адамлардың санасын өзгертиў, оларда ертеңги күнге исеним ҳәм келешекке умтылыўды қоллап-қуўатлайтуғын сиясий күш, әлбетте, бәринен бурын, депутатлар болыўы зәрүр.

Егер жаңа сайланған депутатларымыз өз округлеринде мине усы жумысларды әмелге асырса,  олар халық исенимин ақлаўға ҳәм оның ҳүрметине ерисе алады.

Төртинши мәселе. Соңғы жылларда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм регион шеңберинде бир қатар ири басламаларды алға қойдық, халықаралық жәмийетшилик де буны кең қоллап-қуўатламақта.

Өткен дәўирде Өзбекстанның басламалары тийкарында Бирлескен  Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен 11  резолюция  қабыл еткени де усы пикирди тастыйықлайды.

Бирақ бир хақыйқатты тән алыўымыз керек: әне, усы  басламалардың мәниси ҳәм әҳмийетин халқымызға  жеткериўде депутатларда, тилекке қарсы, белсендилик жетиспей атыр.

Нызамшылық палатасының халықаралық жумысларға жуўапкер комитети енди бул бағдарда жаңа жумыс алып барыўы зәрүр.

Әзиз дослар!

Келеси бес жылда Нызамшылық палатасы алдында оғада үлкен ўазыйпалар турыпты.

Бириншиден, төменги палатадағы 12 комитет орнында  10 жаңаланған комитет  шөлкемлестирилди. Бул – оғада дурыс қарар.

Биринши мәрте парламентимизде Исбилерменлик, бәсеки ҳәм санаат комитети дүзилгени елимизде исбилерменлик орталығын жақсылаўға хызмет етеди.

Енди палатадағы комитетлер ағзалары билим ҳәм тәжирийбесин тынымсыз арттырып, жуўапкершиликти терең сезип, және де көбирек мийнет етиўи керек. Себеби, пуқта билим, профессионал маманлық, жоқары пазыйлет ҳәм ой-пикирге ийе болған депутат ғана қуры гәп ҳәм популизмнен жырақ болады.

Комитетлер жумысына пуқаралық жәмийети институтлары менен қарым-қатнасты күшейтиў де үлкен әҳмийетке ийе. Соны есапқа алған ҳалда, ҳәр бир комитет жанында пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик кеңеслер дүзилсе, жақсы нәтийже беретуғыны анық.

Және бир әҳмийетли мәселе – парламент комитетлери министрликлер менен ислесиўде тек ғана қадағалаў ҳәм талап етиў емес, ал олар менен тығыз бирге ислесиўге әҳмийет берсе, жүдә мақул болады.

Ең үлкен кемшилик – министрликлер төменги буўында, әсиресе, район ҳәм қала дәрежесинде нәтийжели жумыс шөлкемлестире алмай атыр.

Енди халық пенен тиккелей сөйлесип, адамларды қыйнап атырған машқалаларды орында шешиў олар ушын бас ўазыйпа болыўы керек. Ендигиден былай ҳәр бир басшы ҳәм жуўапкер жумысына әйне усы норма тийкарында баҳа бериледи. Талапқа жуўап беретуғын басшылар жумыс ислейди, болмаса, олар менен хошласамыз.

Ҳүрметли депутатларымыз ҳәм ўәкилликли шеңберлер өз округлериндеги район ҳәм қала дәрежесинде сораў ҳәм талапты ҳеш тартынбастан күшейтиўи керек. Себеби, халқымыздың өзи бизден әне усындай белсендилик көрсетип ислеўди талап етпекте.

Екиншиден, 75 депутатымыз биринши мәрте партиялық дизимлер тийкарында сайланды.

Олар да әлбетте округлерге турақлы бириктирилип, халықты қыйнап атырған машқалалардың шешимине жуўапкер болыўы ҳәм усыныслар киргизип барыўы керек.

Усы орында партиялық дизим тийкарында сайланған депутатлардың сиясий партия ҳәм өз фракциясы алдындағы жуўапкершилиги бир неше мәрте артқанын да атап өтиў керек. Жаңаша сиясий-ҳуқықый шараята партиялық ҳәм фракциялық интизамды беккемлеў мәселеси да тийкарғы итибарда болыўы керек, деп есаплайман.

Үшиншиден, нызам дөретиўшилиги процеси, ең дәслеп, жәмийетимиздеги әҳмийетли машқалалардың шешимине, халқымыздың аўырын жеңил етиўге қаратылыўы керек.

Мысалы, елимизде халықтың саны жылына дерлик 1 миллионға артпақта. Бул – жаңа турақ жайларды көбейтиўди талап етпекте.

Итибар бериў, соңғы 30 жылда тек ғана Әндижан ўәлаятына 68 мың гектар аўыл хожалығы жерлери турақ жай фондына өтип кеткен. Дийқаншылық ушын зәрүр жерлерди турақ жай қурыўға берип жибере берсек, ертең қай жерге егин егемиз, азық-аўқат қәўипсизлиги не болады?

Соның ушын, халық ҳәм кең жәмийетлик пикирди үйренип, ескирген турақ-жайлардың орнында заманагөй турақ жайлар кириҳ ушын «Реновация ҳаққында»ғы нызамды қабыл етиў ткерек, деп ойлайман. Бул нызамның қабыл етилиўи 20 мың гектар жер майданын үнемлеп, 4,5 миллион халықты турақ жай менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Кейинги ўақытларда турақ жай қурып бериўди ўәде еткен қурылысшы ҳәм оған исенип инвестиция киргизген халық арасында келиспеўшиликлер ушырап атырғанына гүўа болып атырмыз. Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде пуқараларымздың турақ жай қурылысына тартылған қәрежетлерин кепилликли қорғаўға қаратылған нызамды қабыл етиў керек.

Және бир мысал. Халықтың саламатлығын беккемлеў ушын соңғы жети жылда медицина тараўына қаратылған қаржылар 6 есеге артты. Келеси жылы да тараўға бюджеттен қаратылған ресурсларды 20 процентке арттырып, 41 триллион сумға жеткеремиз.

Усы қаржылардан нәтийжели пайдаланыў бойынша бир пүтин система болыўы шәрт. Медициналық хызметлер сапасын арттырыў, ажыратылып атырған қаржылар өз ийесине жетип барыўын тәмийинлеў ушын мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын әлбетте нызам менен беккемлеп қойыў ўақыт келди.

Билимлендириўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, жаңа бақша ҳәм мектеплер қурыў, барларын ең заманагөй үскенелер менен үскенелеў бойынша үлкен бағдарламаларды баслағанбыз.

Биз жеке меншик мектеп ҳәм бақша қураман, деген инвесторларды қоллап-қуўатлаў, оларға және де кең шараятларды жаратып бериўди де ойлаўымыз керек. Бул бағдарда, оларға берилген салық ҳәм бажыхана жеңилликлери мүддетин узайтыў, сырт елден қәниге тартыў системасын әпиўайыластырыў да оғада әҳмийетли.

Нызамшылық палатасының бюджет, исбилерменлик, илим ҳәм билимлендириўге жуўапкер комитетлери бюджет нызамы додалаўында Ҳүкимет алдына анық ўазыйпаларды белгилеп бериўи керек.

Басқа бир мысал. Бүгинги күнде рәсмий бәнт халқымыздың 23 проценти яки 1,7 миллионы саўда ҳәм қаржы хызметлери тараўында жумыс алып бармақта. Бирақ, жалпы ишки өнимниң дерлик 11 процентти беретуғын бул тараўлар елеге шекем ески қағыйдалар тийкарында тәртипке салынбақта.

Қаржы технологиялары санлы маркет-плейслер, веб-сервис, бонд қоймаханалары сыяқлы жаңа коммерциялық майданлары күнделикли турмысымызға жедел кирип келмекте. Усы көзқарастан, франчайзинг, капитал базары, стартап тараўындағы қатнасықларының нызамлы тийкарларын жаратыў бүгинги күн талабы, десем, дурыс болады.

Буннан тысқары, соңғы ўақытлары жасалма интеллекттен тек ғана адамлар ушын қолайлық жаратыўда емес, ал технологиялық процесслер, төлеў системасы, транспорт басқарыўы сыяқлы тараўлардың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўда да кең пайдаланылмақта.

Соның ушын, жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын мүнәсибетлерди тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарларын жаратыў мәселесине де айрықша итибар қаратыў оғада әҳмийетли.

Және бир мәселе – елимизде энергия ислеп шығарыўшы мәмлекетлик емес компаниялардың саны 11 ге жетти.

Келеси жылы биринши мәрте электр энергиясы онлайн көтере базары иске қосылады. Самарқанда, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында аймақлық электр тармақларын басқарыў жеке инвесторларға аукцион арқалы бериледи.

Соның ушын, экономикалық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет ететуғын бул тараўда базар механизмлерин енгизиўдиң ҳуқықый тийкарларын жаратыўды тезлестириў зәрүр.

Улыўма, Нызамшылық палатасы пуқта ойланған бағдарлама қабыл етип, келеси бес жылда қандай жаңа нызамлар үстинде ислеўин анық белгилеп алса, мақсетке муўапық болады.

Төртиншиден, жаңа дәўирде парламент шын мәнисиндеги халық үйи, оның төменги палатасы болса идеялар генераторына, саламат бәсеки, тартыслар майданына айланысы керек.

Өткен сайлаўларда сиясий партиялардың бағдарламасы да, идеялары да бир-биринен парық етти, түрли сиясий идеологиялар гүреси анық көзге тасланып турды. Атап айтқанда, сайлаўлар процесинде көплеген дебатлар шөлкемлестирилгенин халқымыз ҳәм халықаралық бақлаўларшылар айрықша тән алынды.

Усы орында парламентте оппозицияны жанландырыў зәрүр, деп есаплайман. Буның ушын парламенттеги оппозицияға кепилленген ҳуқықларының санын 3 тен 6 ға арттырыў, 1 комитет баслығы ҳәм 2 комитет баслығы орынбасары лаўазымларын кепилликли ийелеў, ҳәр шеректе ҳүкимет сааты ҳәм парламанет сораўы шеңберинде кеминде биреўден мәселе киргизиў сыяқлы қосымша ҳуқықлар бериўди усыныс етемен.

Улыўма, сайлаўларды саламат бәсеки, оппозицияның пикирлер гүреси парламентке көшип өтсе, бул әлбетте халық мәплерине сәйкес нызамлар ислеп шығыўға хызмет етеди.

Бесиншиден, парламент қадағалаўы, ең дәслеп, сиясий қадағалаў болып, оның ақыбети де сиясий жуўапкершилик пенен байланыслы.

Усы орында Нызамшылық палатасына Ҳүкимет ағзасы есабатларын тыңлап, оның жуўмақларына бола, усы басшыларды мийнет дем алысына шығарыў ҳаққында Президентке усыныс киргизиў ҳуқықы берилгенин еслетип өтпекшимен.

Алдынғы шақырық дәўириндеги тар шеңберли парламент қадағалаўынан енди кең көлемли сапалы қадағалаў системасына өтиў керек.

Алтыншыдан, жаңаланған Конституциямизға бола, мәмлекетлик бюджеттиң орынлаўшы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў Нызамшылық палатасының толық ўәкиллигине киреди.

Бул әҳмийетли ўәкиллик депутатларымызға үлкен жуўапкершилик те жүклейди. Биринши гезекте палатаның мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўын бақлаў механизмлерин және де күшейтиўдиң ўақты-сааты келди. Атап айтқанда, ҳүкиметтиң мәмлекетлик бюджетке тийисли барлық есабатларды палатаға тек Бюджет кодексинде белгиленген аудит жуўмағы менен биргеликте киргизиў әмелиятына өтиў керек.

Буннан тысқары, мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўын бақлаўда парламент комитетлери ролин арттырыў да зәрүрли әҳмийетке ийе. Ҳәзирги ўақытта биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң қәрежетлери үстинен парламентлик қадағалаў дерлик сезилмейди. Жаңа сайлаған депутатларымыз бул мәселеге айырықша қатнас жасаўы зәрүр.

Сол орында мәселениң тағы бир тәрепине итибарыңызды қаратпақшыман. Орынларда халықтың абаданлығын арттырыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыўда парламенттиң белсене қатнасыўы әҳмийетли. Мысалы, быйылғы жылы аймақларды раўажландырыў, социаллық ҳәм инфраструкутра объектлерин қурыў, мәҳәллелерди абаданластырыў бойынша инвестиция бағдарламаларына 30 триллион сумнан зыят қаржы бағдарладық.

Бирақ, әне усы бағдарламаны қабыллаўда қайсы депутат қатнасты? Оның орынланыўы бойынша кимнен есабат талап етеди?

Усы мүнәсибет пенен және бир әҳмийетли басламаны алға қоймақшыман.

Инвестиция бағдарламаларын таярлаўда депутатлар да, әлбетте, қатнасатуғын, олардың пикири есапқа алынатуғын система жаратсақ, не дейсизлер?

Буннан тысқары, район ҳәм қала ҳәкимлери өзлери жўапкер болған аймақтағы социаллық-экономикалық мәселелерди бийғәрез шешиўи ушын олардың финанслық имканиятларын арттырыўымыз зәрүр. Бул мақсетлерде кейинги жылдан жер, мал-мүлк ҳәм айланба салықларын толық, дәрамат салығын болса кеминде 50 процентин район ҳәм қаланың өзинде қалдырыўды усыныс етемен.

Халық ўәкиллери ҳәкимликлер менен биргеликте аймақлардың экономикалық имканиятларын иске салыў ҳәм бюджет түсимин көбейтиў бойынша белсенди баслама көрсетиўине исенемен.

Жетиншиден, кейинги жыллары палата жумысында жәмийетшиликтиң қатнасы және де күшейди.

Тийкарынан, жаңаланған Конституциямизда 100 мыңнан кем болмаған пуқаралар өз усынысларын төменги палатаға киргизиў ҳуқықына ийе екенлиги кепилленди. Пуқаралардың басламаларын белсенди қоллап-қуўатлаў мақсетинде Нызамшылық палатасы жанында Жәмийетлик басламалар бойынша парламент комиссиясын шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Сегизиншиден, өткен дәўирде парламент дипломатиясы ҳәм парламентлераралық байланыслар сыртқы сиясатымыздыӊ тәсиршеӊ ҳәм прагматик қуралына айланды.

Өткен бес жылда Өзбекстан Парламентлераралық аўқам, Ғәрезсиз мәмлекетлер Дослық аўқамы ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиӊ парламент ассамблеяларына ағза болды. Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиӊ ҳаял-қызлар форумы, Орайлық Азия мәмлекетлери екинши парламентлераралық форумы сыяқлы халықаралық илажларды өзинде өткереди.

Олий Мажлисимиздиӊ Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлери Парламентлераралық аўқам тәрепинен басқа мәмлекетлер ушын жақсы үлги сыпатында усыныс етилгени, әлбетте, бәршемизди қуўантты.

Халықаралық парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыў мақсетинде төменги палатада нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине үйлесимлестириў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерин кемейтиў ҳәм «жасыл» экономикаға өтиўди тезлестириў мәселелери бойынша парламент комиссиялары шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Хабарыңыз бар, биз Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолында белсенди сиясат алып барып атырмыз. Бул – тең бәсеки, экспортқа қаратылған санаат ҳәм саўда сиясаты. Бул процесс, өз гезегинде, салық ҳәм бажыхана кодекси, сыртқы саўда, стандартластырыў ҳәм басқа бир қатар бағдарлардағы нызамларға өзгерис киргизиўди аңлатады.

Бул бойынша жаңа дүзилип атырған парламент комиссиясы басламасы қолға алып, нызамларымызды Жәҳән саўда шөлкеми қағыйдаларына толық сәйкеслестириўди кейинги жылы жуўмағына жеткериўге исенемен.

Қәдирли мәжлис қатнасыўшылары!

Бүгинги мәжлис елимиз турмысындағы әҳмийетли сәне – мәмлекетимиз байрағы қабыл етилгениниң 33 жыллығы менен бир күнде өтип атырғанында символикалық мәни жәмленген.

Миллий мәмлекетшилигимиз, ғәрезсизлигимиз ҳәм еркимиз символы болған байрағымыз өткен дәўирде үлкен халықаралық сиясий, илим, мәденият ҳәм спорт илажларында, ареналарда бәлент желбиреп, бәршемиздиң жүрегимизден терең орын алып, миллий ар-намысымыз тымсалына айланды.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, сизлер арқалы көп миллетли пүткил халқымызды бүгинги үлкен байрам менен шын жүректен қутлықлайман.

Байрағымыздың абырайы буннан кейин де және де жоқарылай берсин.

Ҳүрметли депутатлар!

Отыз жети миллионнан аслам халыққа ийе болған Өзбекстандай үлкен мәмлекеттиң парламенти ағзасы болыў, ҳеш шубҳасыз, ҳәр бир депутат ушын үлкен мақтаныш.

Ҳәзирги ўақытта халқымыздың ҳүрмет ҳәм итибарын, арзыў-үмитлерин ҳәр күни, ҳәр минутта сезип, әне усы жоқары исенимге мүнәсип мийнет етиў – жүдә үлкен жуўапкершилик екенин бәршеңиз аңлап турыпсыз, деп ойлайман.

Депутатларымыз жумысы тек жоқарыда айтып өтилген бағдарлар менен шекленип қалмайтуғынлығы тәбийғый.

Сизлердиң барлығыңыз анық реже дүзип, орынларда электорат пенен ушырасып, сайлаўалды ўәделерин әмелге асырыў арқалы ел-журтымызды разы ететуғын система жаратасызлар, деп исенемен.

Депутат – бул халық хызметшиси, ҳәммеге үлги болатуғын, сиясый билими ҳәм сана-сезими жоқары, өз Ўатанын шын жүректен сүйетуғын инсан.

Шаңарақ, мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийетте тынышлық, меҳир-мүриўбет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, халықаралық майданда Өзбекстан мәплерин қорғаўда халқымыз, барлығымыз әўеле сизлерге сүйенемиз.

Мен Президент сыпатында сизлерди бул жолда бәрқулла қоллап-қуўатлаўға таярман.

Исенимим кәмил, барлығымыз бир тән бир жан болып, аянбай мийнет етип, жанажан Ўатанымызды әлбетте шын мәнисте еркин, абат ҳәм абадан мәмлекетке айландырамыз.

Сизлерди және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, даңқлы жумсыңызда үлкен табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Ҳүрметли халық ўәкиллери!

Мине, ҳәзир ғана Сиясий партиялар ўәкиллери кеңесиниң усынысына тийкарланып Нуриддинжан Муйдинханович Исмоилов Нызамшылық палатасының Спикери лаўазымына сайланды.

Спикеримиз Өзбекстанда парламентаризмди қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан, нызам дөретиўшилиги, шөлкемлестириўшилик ҳәм басшылық тараўында көп жыллық бай тәжирийбеге ийе, реформаларымыздың мәнис-мазмуны ҳәм әҳмийетин терең түсинетуғын Ўатанымызға садық ҳәм пидайы инсан екенин ҳәммемиз жақсы билемиз. Ол өз өмири ҳәм жумысы даўамында халық ҳәм мәмлекет мәплерин тәмийинлеў жолында бар билим ҳәм тәжирийбеси, күш-ғайратын жумсап келмекте.

Ҳүрметли Спикеримизди мине, усындай жоқары исеним менен шын кеўилден қутлықлап, ол адамға жаңа дәўирдеги оғада жуўапкершиликли ҳәм көп қырлы жумысында үлкен табыслар тилеймиз.

Сондай-ақ, Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары лаўазымына депутат Мавлудахан Исломовна Хўжаева сайланды.

Мавлудахан Исломовна Нызамшылық палатасында еки шақырық депутат болған, бул да оның өз мийнети, интакерлиги, қалаберди, кишипейиллик, исшеңлик сыяқлы пазыйлетлери менен сайлаўшылар исенимине ерисип киятырғанынан дәрек, десек, дурыс болады. Мавлудахан Исломовнаның бул абырайлы лаўазымға сайланыўы гендер теңлик тараўындағы сиясатымыздың және бир көриниси болып, төменги палатадағы 57 ҳаял-қызлардың қәбилет ҳәм имканиятларын толық жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе болады, деп ойлайман.

Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары лаўазымына және бир депутатымыз Раҳим Расулжанович Ҳакимов сайланды.

Раҳим Расулжанович Нызамшылық палатасында комитет баслығы, университет ректоры, 2 министрликте орынбасар ўазыйпаларында ислеген, нызам дөретиўшилиги бойынша илимий жумыс ислеген. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәм нызамшылық, ҳәм атқарыў ҳәкимиятында тәжирийбе арттырған маман кадр. Бул басшы да төменги палата турмысына жаңа руўх ҳәм мазмун алып киреди, деп исенемен.

Төменги палатамыздың усы басшыларын да жоқары лаўазымлары менен қутлықлап, оларға шын кеўилден тилеклеримизди билдиремиз.

Барлық сиясий партиялар фракцияларының басшыларын да жоқары исенимге миясар болғаны менен қутлықлайман.

Быйылғы жылы фракция басшыларының статусын белгилейтуғын әҳмийетли нызамды қабыл еткенимиз бийкарға емес. Бул нызам тийкарында фракция басшылары өз жумысына тән болмаған ҳәкимшилик-шөлкемлестириўшилик ўазыйпалардан азат етилди.

Не ушын бундай қарарға келдик!

Партияларымыз өз сиясий мақсет ҳәм бағдарламаларын әмелге асырыў, орынланыўын тәмийинлеў менен тек ғана сайлаўлар алдында емес, ал турақлы шуғылланыўы зәрүр.

Соның ушын фракция басшылары өз жумысын сын көзқарастан көрип шығып, оны пүткиллей жанландырыўы, адамларды қыйнап атырған әҳмийетли мәселелерди парламент додалаўларына исенимли алып шығыўы зәрүр. Бул ушын олар халықтың ишине терек кирип барыўы, электорат пенен сөйлесиўди сөйлесиўди күшейтип, сайлаўалды кампаниясында кирип берилген ўәделерди әмелге асырыў ушын шын кеўилден ҳәрекет етиўи талап етиледи.

Ҳүрметли депутатлар!

Сизлердиң додалаў процесинде билдирген пикирлериңизди тыңлап, барлығыңыз Ўатан ҳәм халық мәпи жолында шын кеўилден хызмет етиўге таяр екениңизди сезип турман.

Ең әҳмийетлиси, депутаттың даўысы – бул халық даўысы екенин ҳеш қашан умытпаўымыз зәрүр. Ўатан тәғдирине тийисли ҳәр бир мәселеге қатнаста бәринен бурын сизлерге исенген, сизлерге өз атынан нызам қабыл етиў, қарар шығарыў ҳуқықын берген мийнеткеш, кеңпейил ҳәм халқымызды көз алдыңызға келтирип  келтирип, тек ғана ҳәзирги күнди емес, келешек әўладлардың тынышлығы ҳәм бахыт-ығбалын ойлап ис тутсаңыз, ел-халқымыз да, жаратқан Алла да сизлерден разы болады.

Усы ийгиликли жолда бәршеңизге табыс ҳәм әўметлер тилеймен.