Усы жылдың 27-октябарь күни өткерилген Парламент сайлаўларына муўапық, Олий Мажлис палаталары жаңа қурамда қәлиплестирилди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 116-статьясы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Нызамның 7-статьясында Министрлер Кабинети Олий Мажлис алдында өз ўәкилликлеринен азат етилетуғынлығы белгиленген.
Сол көз қарастан, усы жылдың 19-ноябрь күни Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына бола, әмелдеги Ҳүкимет жаңа сайланған Олий Мажлис алдында ўәкилликлерин алып таслады.
Өз гезегинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманына тийкарланып, әмелдеги Министрлер Кабинети Ҳүкимет жумысында ажыралмас ҳәм үзликсизликти тәмийинлеў мақсетинде жаңа қурамдағы Министрлер Кабинети қәлиплестирилгенге шекем өз жумысын даўам еттирип турыўы мәлим етиледи.
ӨзА