Президент Шавкат Мирзиёев жаңа шақырық Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисинде қатнаспақта.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жоқары исенимге ерисип, Сенат ағзасы етип сайланғанларды қызғын қутлықлады. Сенаторлар Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыз ушын тыныш ҳәм татыў, еркин ҳәм абадан турмыс жаратыў жолында бар билим ҳәм тәжирийбесин, күш ҳәм имканиятыр иске қосатуғынына үмит билдирди.
Сайлаўлардың нәтийжесинде бесинши шақырық Сенаттың қурамы сапа жағынан жоқары дәрежеде – көплеген жетекши тараў ҳәм тармақлар ўәкиллери, белгиси сиясат, экономика, илим ҳәм мәденият ғайраткерлеринен ибарат болып қәлиплескени атап өтилди.
Сенаторлардың ҳәр 3 еўинен бири илимий дәрежеге ийе. Дерлик 27 проценти ямаса 16 сы ҳаял-қызлар екени шаңарақ, аналық ҳәм балалық, ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, улыўма, социаллық мәселелер бойынша нызамшылық жумысы ҳәм парламент қадағалаўын күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
ӨзА