Соңғы жылларда мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан, ата-анасы қарамағынан айырылған балаларға айрықша итибар қаратылып, социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Шымбай районында жасаўшы Дәрьябай Ешниязов, Мүнәсип Жанатдинова ҳәм Разовларға район орайындағы Жипек жолы, Көкши қала мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы имаратлардан, Кегейли  районы Абат аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Асылбек Қулмуратовқа  район орайындағы Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан көп қабатлы имаратлардың биринен турақ жайлардың гилтлери тапсырылды.

Илажға Шымбай ҳәм Кегейли районларының ҳәкимлери А.Тажетдинов, А.Камалов,  ϴзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының орынбасары С.Мамбеткаримов ҳәм басқалар қатнасып, жасларды жаңа турақ жайға ийе болғаны менен қутлықлады.



Өз гезегинде жаңа турақ жай ийелери де өзлерине көрсетип атырған бундай ғамқорлығы ушын елимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына рахметлер айтып, келешекте халқымыз ушын керекли қәниге болып жетилисиўге өзлериниң ўәделерин берди.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Асылбек Қулмуратов быйылғы жылы райондағы 15-санлы мектептиң 11-класын тамамлап, Башқуртстан Республикасы УФА қаласындағы Жоқары оқыў орынларының бирине Авиация факультетине окыўға кирген, келешегинен үмит күттиретуғын жасларымыздың бири болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы