“Көксарай” резиденциясында 8-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келген Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконы салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Беларусь байрақлары менен безелген майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь жетекшисин қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Еки мәмлекет гимнлери жаӊлады.
Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Буннан соӊ Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко тар шеӊберде ҳәм еки мәмлекет рәсмий делегацияларыныӊ қатнасыўында сөйлесиўлер өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўды ашып, кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар сапа жағынан жаӊа, және де жоқары басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.
Беларусь Президентиниң бул сапар етиўине таярлық көриў шеңберинде бир қатар илажлар, сондай-ақ, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, аймақлар, ректорлар, медицина хызметкерлери форумлары нәтийжели өткерилди.
Ҳүкимет басшылары, парламентлер, министрлик ҳәм аймақлар дәрежесиндеги жедел байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Тәреплер халықаралық структуралар, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ шеңбериндеги сиясий байланыс ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылдыӊ жуўмақларына бола товар алмасыў көлеми 15 процентке артты.
Ҳүкиметлер алдына бул көрсеткишти жақын жылларда 1 миллиард доллардан асламға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Усы мақсетте биргеликтеги сыртқы саўда компаниясын шөлкемлестириў, экспорт-импорт жеткерип бериўди қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм өнимлерди сертификатластырыў электрон системасын енгизиў бойынша келисимге ерисилди.
Буннан тысқары, тәреплер жүк тасыў ушын қолайлы шараят жаратыў, халықаралық автомобильде тасыўларды таярлаў, Қубла Азияның үлкен базарларына алып барыўшы мультимодал коридорлардан нәтийжели пайдаланыўға келисип алды.
Кооперациялық байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Кейинги жыллары биргеликтеги кәрханалардың саны 4 есеге көбейди.
Сөйлесиўлерде мәмлекет басшылары кооперацияның әҳмийетли бағдарларын белгилеп берди. Булар – аўыл хожалығы, жеңил, азық-аўқат ҳәм электротехника санааты, фармацевтика, қала қурылысы, коммуникациялар ҳәм басқалар. Барлық бағдарлар бойынша өз алдына жумысшы топарларды қәлиплестириўге келисип алынды.
Жетекшилер аймақлараралық алмасыў жеделлескенин алғыслады. Күни кеше өткен Өзбекстан ҳәм Беларусь аймақлары екинши форумының табыслы нәтийжелери айрықша атап өтилди: оның жуўмақлары бойынша баҳасы 1 миллиард доллардан аслам шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылған.
Тәреплер жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам етиўге келисип алды. Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларында шерикликти раўажаландырыў бағдарламалары қабыл етилди.
Мәжилисте рәсмий делегациялар ағзаларының есабатлары, сөйлесиўлер күн тәртибиндеги мәселелер бойынша анық усыныслары тыңланды.
Ушырасыўлар жуўмағында қабыл етилген қарарлар ҳәм қол қойылған келисимлерди әмелге асырыў бойынша биргеликтеги “жол картасы”н таярлаў ҳәм қабыл етиў бойынша келисимге ерисилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Биргеликтеги билдириў қабыл етти.
Мәмлекет басшылары жанында бир қатар әҳмийетли еки тәреплеме ҳүжжет ҳәм келисимлерге қол қойыў мәресими болып өтти.
Атап айтқанда:
– 2024-2025-жыллары Өзбекстан Республикасы ҳәм Беларусь Республикасы арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша илажлар режеси;
– Өнимлерди сертификатластырыў электрон системаларын қолланыў ҳаққында келисим;
– Бәсекини раўажландырыў, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Илим ҳәм өндиристе бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Ташкент ҳәм Минск қалалары арасында дослық қатнасықларын орнатыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында келисим;
– Энергетика тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Интеллектуаллық мүлк тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– 2024-2025-жыллары спорт тараўында бирге ислесиў бағдарламасы;
– 2024-2025-жыллары мәденият ҳәм көркем өнер тараўында бирге ислесиў бағдарламасы;
– 2024-2025-жыллары мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў тараўында бирге ислесиў бағдарламасы;
– 2024-2025-жыллары билимлендириў тараўында бирге ислесиў бойынша“жол карта”сы;
– 2024-2026-жыллары агросанаат комплексинде бирге ислесиў бойынша“жол карта”сы;
– Өсимликлер карантини тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар режеси;
– 2024-2025-жыллары туризм тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режеси.
Буннан тысқары, сапар шеңберинде 2024-жылы Өзбекстан Республикасы ҳәм Беларусь Республикасы аймақлары делегацияларының өз-ара сапарлары реже-кестесине қол қойылды.
Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко сөйлесиўлерден соӊ ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.
Сапар алдынан өткерилген Ҳүкиметлераралық комиссиясыныӊ гезектеги мәжилиси, Аймақлараралық форум ҳәм Исбилерменлер кеӊеси мәжилиси нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Буған шекем жетекши жоқары оқыў орынлары ректорлары ҳәм медицина шөлкемлери басшыларыныӊ ушырасыўлары болып өткен еди.
Өзбекстан Президенти журналистлердиӊ итибарын кейинги жыллары Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўинде әмелге асырылып атрыған сапалы өзгерислерге қаратты. Барлық дәрежедеги сөйлесиўлер жеделлескени, товар алмасыў көлеми, кооперация жойбарларыныӊ саны артқаны, мәдений-гуманитарлық алмасыў ҳәм тиккелей авиақатнаўлардыӊ қайта тикленгени атап өтилди.
Жетекшилер сөйлесиўлер толық дәрежеде болғанын, Өзбекстан – Беларусь қатнасықларыныӊ кеӊ шеӊбери толық додаланғанын, көп тәреплемели шерикликти раўажландырыўдыӊ әҳмийетли бағдарлары, мақсет ҳәм ўазыйпалары белгилеп алынғанын мәлим етти.
Регионаллық ҳәм халықаралық шөлкемлер – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ шеӊбериндеги сөйлесиўди беккемлеўге тәреплердиӊ умытылысы исенимли екени атап өтилди.
Товар алмасыўды көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Биргеликтеги сыртқы саўда компаниясын шөлкемлестириў ҳәм саўданы қоллап-қуўатлаў механизмлерин енгизиўге келисип алынды.
Санаат кооперациясыныӊ әҳмийетли тараўлары белгилеп алынды.
Аймақлараралық байланыслар потенциалы ҳәм имканиятларын нәтийжели иске қосыўға айрықша итибар қаратылды.
Мәденият ҳәм көркем өнер, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў, туризм, жаслар ҳәм спорт тараўларындағы жедел алмасыўлар даўам еттириледи. Денсаўлықты сақлаў бағдарындағы бирге ислесиўдиӊ анық бағдарлары белгилеп алынды.
Тәреплер гезектеги медицина, билимлендириў ҳәм туризм форумларын шөлкемлестириўге келисип алды.
Ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан менен Беларусь арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеўге хызмет ететуғынына, көп тәреплемели шерикликти анық әмелий мазмун менен байытатуғынына исеним билдирилди.
“Көксарай” резиденциясында Өзбекстан – Беларусь саммити жуўмақланғаннан соӊ, биргеликте терек егиў мәресими болып өтти.
Ҳүрметли мийманлар қыябанында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Лукашенко мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге умтылысыныӊ белгиси сыпатында терек екти.
Соӊ Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен бирге Ташкент қаласындағы Технопаркке барды.
Жоқары мәртебели мийман итибарына Технопарк кәрханаларында ислеп шығаралып атырған хожалық техникасы, электрон есаплағышлар, лифт ҳәм эскалаторлар, насослар, санаат қазанханалары, суўытыў системалары сыяқлы кеӊ түрдеги жоқары технологиялық өнимлер көрсетилди.
Мәмлекетимиз басшысыныӊ басламасы менен шөлкемлестирилген санаат комплексинде улыўма баҳасы 365 миллион долларлық 17 өндирис қуўатлығы жайластырылған. Усы жылы бул жерде логистика орайы жумыс баслайды.
Өнимлер сырт ел брендлери астында ҳәм олардыӊ қадағалаўында ислеп шығарылмақта, ишки ҳәм сырт ел базарларында оларға талап жоқары. Товарлар дүньяныӊ 10 мәмлекетине экспорт етилмекте.
Президентлер жетекши кәрханалар кооперациясын, тәжирийбе алмасыў ҳәм технологиялар трансферин кеӊейтиў зәрүр екенин атап өтти.
Усы күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте “Жаӊа Өзбекстан” паркине барды. Жоқары мәртебели мийман саўлатлы көркем естелик – Мустақиллик монументине гүл қойды.
Александр Лукашенко бул әжайып парктиӊ қурылыў тарийхы менен танысты. Мустақиллик монументинде сәўлелендирилген уллы ойшыллар, қаҳарман сәркарда ҳәм әскер басылар, жадид бабаларымыз ҳаққында айтып берилди.
Делегация ағзалары “Жаӊа Өзбекстан” комплексиниӊ идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине итибар қаратты.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА