Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Әсиресе, машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, туризм ҳәм аўыл хожалығы тараўларында ири биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Соныӊ нәтийжесинде, аўыл хожалығы бағдарындағы шерикликти және де беккемлеў, нәтийжели келисимлерге ерисиў мақсетинде Беларусь Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат министрлиги делегациясы Өзбекстанда болып турыпты.

Мәмлекетимиздиӊ аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Беларусь аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат министри Сергей Бартош басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў даўамында өз-ара жеткерип берилетуғын аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниӊ түрин көбейтиў, гөш ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеў, шарўашылық ҳәм ветеринария, аўыл хожалығы илимлери тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўдыӊ жаӊа басқышлары додаланды.

Сапар шеӊберинде мийманлар Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде де болып, дәслеп докторантлар, илимий хызметкерлер ҳәм инталы студентлердиӊ қолланбалары, ойлап табыўлары сәўлеленген көргизбе менен танысты.

Университет илимий хызметкерлери тәрепинен жаратылған лимон, путақлы мийўе (голубика), ежевиканыӊ жаӊа сортларыныӊ өнимдарлығы, жоқары сапасы ҳәм экспортқа қолайлылығы бойынша бирге ислесиўшилеримиз бенен пикир алысылды.

Азық-аўқат өнимлерин микробиологиялық таллаў лабораториясыныӊ жумысы, студентлердиӊ әмелий сабақ процесинде мийўеден шербет ажыратып алыў ҳәм мийўени кептириў усыллары Беларусь ўәкиллеринде қызығыўшылық оятты.

Атап айтқанда, тәжирийбе сынақ лабораториясы ҳәм Зооинженерия факультетинде арнаўлы чип орнатылған пал ҳәрреси уясыныӊ өзине тәнлиги, турақлы бақлап барыў, температураны турақлы қадағалаў арқалы пал ҳәрресин суўықтан қорғаў имканиятын беретуғын инновациялық шешим делегация ағзалары тәрепинен тән алынды.

М.Пирматова,

ӨзА мухбири